Орайлық банктиң қосымша етиўинше, айланысқа шығарылып атырған 1000 сумлық тийин көринисиндеги пул белгилери ҳәзирги күнде айланыста болған 2001-жыл үлгисиндеги 1000 сумлық банкнотлар менен бир қатарда (параллел түрде) айланыста болады.

Яғный, 2001-жыл үлгисиндеги 1000 сумлық банкнотлар да төлеў қәбилетин жоғалтпайды.

«Жаңа көринистеги бул пул белгилери ҳәзирги ўақытта айланыста болған пул белгилери ҳәм тийинлер менен бир қатарда, барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм халық тәрепинен өз қуны бойынша барлық түрдеги төлемлер ушын ҳеш қандай шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт», делинеди хабарда.

2022-жылдың 26-декабринен баслап номинал қуны 1000 сум болған тийин көринисинде пул белгилери айланысқа шығарылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги