Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола 21-декабрь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

«Ташкент» халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Мәмлекет басшылары бир-бирин қызғын қутлықлап, қысқа сәўбет өткерди.

Өзбекстан сыртқы сиясатта басқа мәмлекетлер, атап айтқанда, туўысқан Қазақстан Республикасы менен өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған қатнасықларды беккемлеў жолынан бармақта. Кейинги жыллары ҳәр тәреплеме байланыслар және де беккемленди.

Усы орында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў динамикасына тоқтап өтиў орынлы.

Қазақстан аймағында Өзбекстан резидентлериниң қатнасыўында 1 мың 400 ден аслам кәрхана шөлкемлестирилген. Қазақстанда санаат кооперациясының ири жойбарлары әмелге асырылмақта, атап айтқанда, Қостанай, Шымкент ҳәм Түркстанда «Ravon» автомобильлерин жыйнаў, турмыслық техника ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылған.

Өзбекстанда болса Қазақстан капиталының қатнасыўындағы 1 мың 100 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Бес жыл алдын бул көрсеткиш дерлик 6 есеге аз еди. Тек ғана усы жылдың 9 айында 130 қоспа кәрхана шөлкемлестирилген.


Буннан соң Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте «Жаңа Өзбекстан» бағына барды. Уллы мәртебели мийман Ғәрезсизлик монументине гүлшеңбер қойды.

Ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм батыр тынышлық сүйер ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыз атына қурылған уллы естелик – Ғәрезсизлик монументи ҳаққында Президент Қасым-Жомарт Тоқаевқа айтып берилди. Өз гезегинде, уллы мәртебели мийман «Жаңа Өзбекстан» парки, аймақта әмелге асырылған дөретиўшилик жумысларына жоқары баҳа берди.


Бул орында ең жоқары бөлиминде Қумай қусы сүўретленген комплекс ҳаққында қысқаша тоқтап өтиў орынлы. Комплекс 2021-жыл ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған. Онда мәмлекетимиздиң әййемги ҳәм бай тарийхы, ҳәзирги күни менен байланыслы ең әҳмийетли ўақыялар сүўретленген. Уллы алым ҳәм сәркарда бабаларымыздың көринислери болса кеўиллерге мақтаныш бағышлайды.











Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында бирге ислесиў ҳәр тәреплеме раўажланды. Ҳәр еки мәмлекет басшылары өз-ара байланысларды сиясий, экономикалық, инвестициялық, илим-техника, мәдений-гуманитарлық тараўларда және де комплексли сөйлесиўди кеңейтиў тәрепдары екенлигин атап өтиў керек.

Еки мәмлекет арасында 2017-2019-жылларға мөлшерленген Экономикалық бирге ислесиў стратегиясы қабыл етилгени экономика ҳәм товар айланысының өсиўине түртки берди.

Оның нәтийжесинде 2017-жылдан берли еки мәмлекет арасындағы өз-ара саўда еки есеге, яғный 2 миллиардтан 4 миллиард долларға шекем өсти ҳәм избе-из артып бармақта.

Атап айтқанда, 2021-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме саўда көлеми 3,9 миллиард долларды қураған. 2022-жыл январь-ноябрьде 4,2 миллиард долларға жеткен.

Өзбекстан Қазақстанға транспорт қураллары, азық-аўқат товарлары, ҳәр қыйлы хызметлер, пластмасса ҳәм оннан жасалған буйымлар, тоқымашылық өнимлери, қара металлар ҳәм басқаларды экспорт етпекте.

Қазақстаннан ун өнимлери, қара металлар, олардан жасалған өнимлер, энергия өнимлери, руда ҳәм шлак, қурылыс материаллары, транспорт қураллары ҳәм басқалар импорт етилмекте.

2021-жыл сентябрь айында Хийўа қаласында «Орайлық Азия – жәҳән цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық форумы болып өтти. Онда Қазақстан мәденият министриниң орынбасары қатнасты.

2021-жыл 6-8-декабрь күнлери Астана қаласында «Өзбек киносы күнлери» шөлкемлестирилди, быйыл ноябрь айында Қазақстан қалаларында «Өзбек мәденияты күнлери» болып өтти.

Усы жылдың 19-декабринде Ташкенттеги Өзбекстан көркем өнер галереясында белгили қазақ жазыўшысы, философы, шайыры ҳәм композиторы Абай Қунанбаевтың мийрасына бағышланған көргизбе ашылды.

Өзбек ҳәм қазақ халықлары тек ғана жақын қоңсы емес, ал туўысқан сыпатында да көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық мәселелери бойынша әзелден бир-бирин қоллап-қуўатлап келгенин айрықша атап өтиў тийис. Бул байланысларды және де беккемлеў ҳәр еки мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.

Мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келген Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев жанында «Көксарай» резиденциясының Ҳүрметли мийманлар аллеясына терек екти.

Мәресим Өзбекстан-Қазақстан қатнасықларында жаңа дәўир басланып атырғаны, мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында беккемлеўге исенимли умтылыўының белгиси болды.

Қазақстан жетекшисиниң елимизге мәмлекетлик сапарының тийкарғы илажлары  22-декабрь күни болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында тарийхый әҳмийетке ийе келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте. Биргеликте ири инвестициялық жойбарларды баслап бериў ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткериў нәзерде тутылған.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары