Мүнәсибет

2022-жыл 20-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Өзбекстан Республикасы парламенти ҳәм халқына мүрәжат етип, онда мәмлекетимиздиң усы күнге шекемги ерискен жетискенликлери, әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди.

Кирип киятырған 2023-жыл «Инсан қәдири ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп аталып, бул атама елимизде барлық тараўлар ушын өз алдына жуўапкершиликлерди белгилейди, десек қәтелеспеймиз.

Өйткени илим ҳәм билим барлық жумыслардың ҳәм жетискенликлердиң шын мәнисинде дәреги есапланады.

Елимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға үлкен итибар қаратылып, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары тараўларында бир қанша реформалар әмелге асырылмақта.

Тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўлерин тыңлаў ҳәм мүлкти хатлаўға алыў санкциясын прокуратурадан судларға өткериў, бул елимизде мүлк ҳуқықының қорғалыўына итибар қаратылып атырғанлығынан дәрек береди. Себеби, тийкарғы Нызамымыз болған Конституциямызға бола, ҳәр бир пуқара мүлкдар болыў ҳуқықына ийе. Демек, пуқаралардың мүлкке болған ҳуқықына қол қатылмайды ҳәм ол нызамлы қорғалыўы тийис. Бул ҳуқықты шеклеў тек ғана суд арқалы әмелге асырылады.

Судта ислерди көриўде қатнасатуғын прокурорлар корпусы шөлкемлестирилип, судларда жынаят иси тек айыплаў жуўмағы менен емес, ал қорғаўшының пикири менен қабыл етилсе, суд мәжилисинде тартысыўшылық принципиниң раўажланыўына ҳәм истиң көрилиў мүддетиниң бир қанша қысқарыўына, сондай-ақ, қорғаўшыларға бир қатар қосымша ўәкилликлердиң берилиўине ерисиўимиз мүмкин.

Бул өзгерислер, судья ҳәм прокурорлардың ҳәр бир исти еледе пуқта үйренилиўин жолға қойыўына кең мүмкиншиликлер жаратады.

Бул өзгерислер елимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлери жоқары дәрежеде қәдирленетуғынлығынан, шын мәнисинде, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурып атырғанлығымыздан дәрек береди.

 

Низаматдин Абдакимов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги