Мүнәсибет
Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатын кең жәмийетшилик пенен бирге дыққат пенен тыңладық.
Журтбасшымыз 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп белгиледи.
Мүрәжатта барлық тараўлар айрықша итибарға алынып, 6 бағдар бойынша ислениўи тийис әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Онда мәмлекетлик инвестициялық жойбарлар мәҳәлле дәрежесине түсирилетуғынлығы, ең дәслеп, келеси жылда пуқараларымыздың усыныслары тийкарында электр, суў, жол, мектеп жойбарлары ушын 8 триллион сумлық қаржы ажыратылатуғынлығы, ҳәр бир мәҳәлледе китапхана ҳәм спорт майданшалары қурылатуғынлығы, соның менен бирге, ҳәр бир мәҳәлле өзиниң машқаласын сапластырыўы, шешим табыўы ушын «Мәҳәлле бюджети» системасының енгизилетуғынлығы ҳәм бул арқалы 2023-жыл 1-январьдан баслап жер-мүлк салықларының бир бөлеги мәҳәллениң өзинде қалатуғынлығын атап өтилди.
Ҳүрметли журтбасшымыз өз сөзинде барлық туўыў комплекслери толық реконструкцияланыўы, керекли үскенелер менен толық тәмийинленип, орынлар саны 35 процентке көбейтилетуғынлығы ҳаққында айтып өтти.
Бундай имканиятлар, әлбетте, медицина тараўын еледе раўажландырыўда, әсиресе, келешек әўладты кәмалға келтиретуғын туўыў жасындағы ҳаял-қызлар, аналарымыз ушын жаратылатуғын шараятлар болып табылады.
Мен пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси сыпатында елимиздиң абаданлығы, халқымыздың еледе жақсы жасаўы ушын жаратылып атырған усындай имканиятлар, шараятлар ушын Ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирип, бунда өз үлесимди қосып, халықтың исенимин ақлаўға ўәде беремиз.
Айзада Байжанова,
Шымбай районы Дослық МПЖ ҳаял-қызлар белсендиси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги