Мүнәсибет
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында өтип баратырған 2022-жылда елимизде әмелге асырылған жумыслар, өзгерислер менен жаңаланыўлар, нәтийжелер ҳәм ендиги жылы алдымызда турған баслы ўазыйпалар, тийкарынан, 6 әҳмийетли бағдар бойынша ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Президентимиз 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти ҳәм жыйналғанлар тәрепинен бул баслама қоллап-қуўатланды. Президентимиз мүрәжатында барлық тараўлар қатарында жеке сектор ҳәм исбилерменликти еледе раўажландырыў, қоллап-қуўатлаў кереклигин айтып өтти.
Мүрәжаттың бесинши бағдарында еркин базар механизмлерин енгизиў, саламат бәсекини ҳәм жеке мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў Конституцияда айрықша орын ийелеўи керек.
Дүньяда қурамалы геосиясий жағдай, энергия ресурсларының жетиспеўшилиги күшейип бармақта, азық-аўқатқа талап артып, финанслық ресурслар қымбатламақта. Бундай жағдайда, қаншелли аўыр болмасын, экономикалық реформаларды исенимли даўам еттиремиз, ишки имканиятларды толық жумсап, жеке меншик секторды және де қоллап-қуўатлаймыз. Бул ушын, бәринен бурын, исбилерменлик орталығын барған сайын жақсылаў бойынша реформаларды жеделлестиремиз.
Бунда биринши гезекте, аймақлар арасындағы экономикалық теңсизликти қысқартыў, барлық район ҳәм қалаларды бир тегис раўажландырыў бойынша жаңаша қатнаслар енгизиледи.
Енди категорияға қарап, районлардың экономикалық раўажланыўын белгилеймиз. Исбилерменлер ушын субсидия, кредитлер ҳәм компенсациялар категориялардан келип шығып ажыратылады. Олар ушын салық ставкалары ҳәр қыйлы болады деди – Президент өз мүрәжатында.
Ҳақыйқатында да, кейинги жыллары елимизде жеке сектор ҳәм исбилерменлерге қаратылып атырған итибар қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде исбилерменлер жетекши ҳәм шешиўши күшке айланды.
Бул болса, өз гезегинде елимиз басшысының мүрәжатында ҳәр бир бағдар бойынша белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, ислениўи керек болған ўазыйпалардың бәршеси ең алды менен инсан ушын елимиз экономикасы ҳәм халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын екенлигин аңлаў қыйын емес.
К.Джуманиязов,
Халық депутатлары Қанлыкөл районлық кеңесиниң депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги