Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектеби районның ең шетки аймағында жайласқан болып, онда кешеги күнге шекем спортзал жоқ еди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январдағы « 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, 1 млрд 778 млн сум қаржы ажыратылып, «Нукус индастрой» жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен мектеп имаратына қосымша 12х24 өлшемдеги спорт зал қурылып берилди.
Бул әлбетте, пүткил аўыл халқын, әсиресе, оқыўшы жасларды үлкен қуўанышқа бөледи.
-Мектебимизде 165 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта,-дейди бизге мектеп директоры Бегабат Сулайманов.-Оқыўшыларымыз бенен бирге дене тәрбиясы пәни муғаллимлери де сабақ өтиў барысында, спорт секцияларын ашыўда әдеўир қыйналатуғын еди. Мине быйылғы жылы аўылымыз балаларының көп жыллардан бери аңсап күткен арзыўлары әмелге асты. Буның ушын республика ҳәм районымыз басшыларына, қолы гүл қурылысшыларымызға үлкен рахметлер айтаман.
-1999-жылдан бери усы мектепте дене тәрбиясы пәни муғаллими Рустем Қаниязов.-Қыстың аязлы күнлери мектепте денетәрбия сабағын талапқа сай өтиўде бир қатар машқалаларға дусласып, тек ғана шахмат-шашка ойнатыў менен шекленетуғын едик. Кеше октябрь айында барлық керекли әнжамлар менен тәмийинленген, заманагөй спорт залға ийе болдық. Ҳәзирги күнлери өзлеримизге жаратылған имканияттан нәтийжели пайдаланып, мектепте спорттың футбол, волейбол, стол тенниси, миллий гүрес, жи-жи-житсу, шахмат-шашка түрлеринен арнаўлы секцияларды шөлкемлестирип, жумыс алып бармақтамыз. Оқыўшыларымыз арасында спортқа қызығыўшы жасларымыз оғада көп.
Ҳақыйқатында да мектеп оқыўшылары арасында спорт пенен шуғылланыўшы оқыўшылар көпшиликти қурайды. Олар арасында миллий гүрес ҳәм жи-жи-житсу спорты бойынша өткерилген Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан бириншиликлери, ҳәр қыйлы жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип киятырған Азамат Муратбаев ҳәм Нурҳаёт Полатбаеваларды айтып өтсек болады.
-Мен 4-класта оқыйман, -дейди Нурҳаёт. –Устазым Жеңис Орақбаевтың басшылығында спорттың жи-жи-житсу түри менен шуғылланып, Ташкент ҳәм Бухара қалаларында өткерилген Өзбекстан чемпионатларында еки мәрте 2-орын, бир мәрте 3-орынды ийеледим. Алдағы ўақытлары спорт пенен шуғылланыўды даўам етемен. Себеби, спорт инсан денесин күшейтип, оны саламат етеди.
Шынында да, Қарақалпақстан халық шайыры Улмамбет Хожаназаров, жазыўшы, филология илимлериниң докторы, профессор Камал Мәмбетов, белгили шыпакер Абдикерим Мәмбеткәримов, медицина илимлериниң докторы Ғайратдин Мәмбеткәримов, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Саламат Сулайманов сыяқлы республикамызға белгили инсанлар туўылып камалға келип, тәлим алған бул елаттан бүгинги оқыўшылар арасынан да келешекте де усындай әжайып ел перзентлери өсип жетилисетуғынлығына беккем исенемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы