Миллий ҳәм самбо гүреси бойынша спорт шебери,спорт шеберлери арасында жәҳән чемпионы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген тренер, «Aқмаӊғыт»  футбол командасыныӊ нураный футболшысы Сансызбай Юсуповты республикамыздағы көпшилик  жақсы таныйды.

Ол көп жыллар даўамында республикамызда спортты раўажландырыўға, жас спортшыларды тәрбиялаўда пидайылық пенен мийнет ислеп, көплеген чемпионларды тәрбиялап шығарды. Оның шәкиртлери бүгинги күни спорт тараўынан тысқары басқа да тараўларда жемисли мийнет ислемекте.

Сансызбай Юсупов быйылғы жылы 60 жасқа толмақта. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан футбол ассосациясы, Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм бир топар шәкиртлериниң шөлкемлестириўи менен Ақмаңғыт посёлкасында спорттыӊ киши футбол түри бойынша райондағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары командалары арасында ашық турнири болып ѳтти.

Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң заманагөй футбол майданшасында өткерилген жарыста аймақлардан келген жаслар өзлериниң шеберликлерин көрсетти ҳәм жарыс жуўмағында 1-орынды Нөкис районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби командасы, 2-орынды Қырантаў аўылы командасы ҳәм 3-орынды Ақмаӊғыт посёлкасының командалары жеӊип алыўға еристи.

Жарыс соңында район ҳәкими Өмирбай Уснатдинов,  Қарақалпақстан футбол ассосациясының вице-президенти Исҳақ Ибрагимов, Қарақалпақстан миллий кураш федерациясы атқарыўшы директоры Серик Жүсипбеков, Жеңил атлетика ҳәм ойын түрлерине арналған спорт мектеби директоры Дәўлетмурат Қалқоразов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, С. Юсуповтың районда спорт тараўын раўажландырыўға қосқан салмақлы үлесин мақтаныш пенен тилге алды.

Соңынан жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилип, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен дәрежели диплом, медал ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы