Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте белгили шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы Хожамурат Турымбетовтың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен «Жаўынгер шайыр» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.

Кешеге Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Кәримов, белгили шайыр Жуманияз Өтениязов, Түркий тиллер факультети жәмәәти ҳәм профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ, студентлер қатнасты.

Әдебий кешени институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров басқарып барды.

Шайыр Хожамурат Турымбетов 1922-жылы Тахтакөпир районы аймағында дүньяға келген. 1941-жылы Хожелидеги педагогикалық оқыў орнын питкергеннен соң өзи туўылған аймақта атқарыў комитетинде жумыс иследи.

Шайырдың өмири күтилмеген бурылысларға, оғада қыян-кести ўақыяларға толы болды. Ол әйне жаслық жигериниң толып-тасқан шағында 1942-жылы Екинши жер жүзилик урысқа атланды. Сталинград саўашында қатнасып, мәртлик көрсетти. Урыстан соң Шымбайдағы муғаллимлер институтын питкерип шығып, районда муғаллим, районлық газетаның редакторы болып иследи. Соңынан Москвадағы Әдебият институтын питкерип, Жазыўшылар аўқамында мәсләҳәтши, жуўаплы хаткер, «Әмиўдәрья» журналының бөлим баслығы болып жумыс иследи.

Шайырдың дәслепки қосықлары өткен әсирдиң 40-жылларында жәриялана баслады. Оның «Гүлистан», «Бахытлы жаслық», «Еки дос», «Бахытлы қыз», «Көп күттирген бәҳәр», «Туўысқанлық сәлеми», «Талўас», «Мәңгиге тири», «Және бәҳәр келди», «Шайыр жолы» сыяқлы поэзиялық топламлары, соның менен бирге, «Таң» повести баспадан шықты. 1974-жылы шайырдың «Таңламалы шығармалары» баспа жүзин көрди. Оның қосықлары, поэмалары өзбек, қазақ ҳәм рус тиллерине аўдарылды.

Хожамурат Турымбетов 46 жасында өмирден көз жумды. Қысқа өмир сүрген болыўына қарамастан шайырдан бизге шекем көплеген әдебий мийрас қалды. Оның шығармалары қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына үлкен қосты.

Ол ислеген мийнетлери ҳәм әдиўли хызметлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Әдебий кешеде филология илимлериниң докторы Сәрсенбай Қазақбаев, филология илимлери бойынша философия докторы Қабыл Мәмбетов, қарақалпақ әдебияты кафедрасының стажёр-оқытыўшысы Аллаяр Дәрменов, Ибрайым Юсупов атындағы стипендия ийеси Айнура Қалбаевалар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша баянатлар жасады.

Кеше соңында Түркий тиллер факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлеринен дүзилген «Зийўар» әдебий дөгереги ағзалары тәрепинен шайырдың қосықларынан үзиндилер атқарылды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.