Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Миллий гвардияның Қарақалпақстан басқармасы менен биргеликте Хожели районындағы Н.Убайдуллаев ҳәм Х.Алламбергеновлардың шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларының турмысы менен танысты.

Ушырасыўда балалар менен гүрриңлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, илажда ҳәр бир шаңарақ перзентлерине Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен өзбек, қарақалпақ ҳәм жәҳән әдебияты дүрданалары дүркиминен сайланған 100 дана рәңбәрең көркем әдебий китаплар саўға етилди.

Мағлыўматлар орнында атап өтетуғын болсақ, бүгинги күнде  Н.Убайдуллаевтың шаңарағында  алты , ал, Х.Алламбергеновтың шаңарағында болса  он  ул-қыз тәрбияланбақта.




Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы