Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Қымбатлы мийманлар!
Жанажан Өзбекстанымыз миллий раўажланыўының жаңа дәўирине қәдем тасламақта, Турмысымыздың барлық қатламларында үлкен өзгерислер жүз бермекте.
Шексиз шүкир, быйыл халқымыз 36 миллионнан асты. Ҳәр жылы қатарымызға дерлик 900 мың жаңа әўлад қосылмақта.
Өзбекстан деп аталатуғын үлкен ҳәм татыў шаңарақтың ҳәр бир ағзасы тыныш ҳәм абадан өмир сүриўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў жолында тынымсыз изленип атырмыз.
Жуўмақланып атырған 2022-жыл оғада қыйын ҳәм сынақлы жыл болды, десем, ҳәр тәреплеме дурыс болады. Бул дәўирде топлаған тәжирийбемиз бир ҳақыйқатты айқын дәлиллеп бермекте: раўажланыўға – тек ғана машақатлы ҳәм мәртлик мийнет арқалы ерисиледи.
Сонлықтан, пандемия, дүньядағы терең экономикалық ҳәм сиясий кризислер, қарама-қарсылықларға қарамастан, халқымыздың қаҳарманларша мийнети менен ерискен айырым жетискенликлеримизди айтып өтиўди орынлы, деп билемен.
Кең көлемли ҳәм нәтийжели реформаларымыздың нәтийжесинде жалпы ишки өним биринши мәрте 80 миллиард доллардан асты.
Экономикамызға усы жылдың өзинде 8 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келди, экспортымыз болса, 19 миллард долларға жетти.
Бундай үлкен нәтийжелер алдын болмаған.
Биз быйыл тарийхымызда биринши мәрте пенсия ҳәм социаллық напақалардың муғдарын минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болмаған дәрежеге алып шықтық. Мысалы, 2017-жылы кем тәмийинленген 500 мың шаңарақ социаллық жәрдем алған болса, бүгинге келип 2 миллионнан аслам шаңарақларға жәрдем берилмекте. Ажыратылып атырған қаржылар болса, 7 есеге көбейтилип, жылына 11 триллион сумға жетти.
Биз мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың муғдарын, халықтың жан басына дәраматларын арттырыў сиясатын избе-из даўа еттиремиз.
Бул санларды айтыў аңсат. Олардың ҳәр бириниң артында машақатлы мийнет тур. Себеби, инсан қәдири, адамды ҳүрметлеў – итибарымыздағы ең тийкарғы мәселе.
Усы мақсетте кейинги алты айда мәмлекетимиз бойынша дерлик 300 мың ямаса алдыңғы жылларға салыстырғанда 10 есе көп турақ жайлар қурдық.
Бул дәўирде қосымша 500 мың оқыўшы орны жаратылып, олардың жәми саны 5 миллион 300 мыңға жетти. Ҳәзирги ўақытта және 1 миллион 200 мың оқыўшы орнын жаратыў бойынша жумыслар жедел даўам еттирилмекте.
Халқымыздың денсаўлығын сақлаў ушын барлық медициналық хызметлерди ең алыс район ҳәм мәҳәллелер дәрежесине шекем түсирип атырмыз.
Адамларды кәсип-өнерли етиў, олардың бизнесине кең жол ашыў, ҳақыйқый мүлк ийеси болып, дәрамат табыўы ушын зәрүр шараятларды жаратпақтамыз.
Быйыл 381 спортшымыз жәҳән ҳәм Азия жарысларында, 43 қәбилетли ҳәм билимли жасларымыз абырайлы халықаралық пән олимпиадалары және таңлаўларында сыйлы орынларды қолға киргизгени бәршемизди әлбетте қуўандырады.
Нураный аталарымыз бенен аналарымыз шаңарағында, ҳажы ҳәм умра зыяратларында шүкирлик етип пәтияларын берип атырғаны бизге күш-ғайрат бағышламақта.
Бүгинги күнде Өзбекстан дүнья сиясаты орайларынан бирине айланып, халықаралық жәмийетшилик буны кең тән алып атырғаны да әйне ҳақыйқат.
Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитлеринде және онлаған жоқары дәрежедеги халықаралық әнжуанларды өткердик ҳәм әҳмийетли басламаларды алға қойдық. Булардың бәри елимиздиң халықаралық абырайы барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.
Мине усындай үлкен жетискенликлерге ерисиўде пидәкерлик мийнет пенен мүнәсип үлес қосқан ҳәр бир жерлесимизге өз миннетдаршылығымызды билдиремен.
Дүньяның илим, мәденият ҳәм спорт майданларында байрағымызды бәлент көтерип атырған ул-қызларымыз, ғайратлы жасларымызға жаңадан-жаңа табыслар тилеймен. Олар бизиң мақтанышымыз.
Шегараларымыздың қол қатылмаслығын ҳәм тынышлығымызды көздиң қарашығындай қорғап киятырған Ўатанымыз сақшыларына да жақсы тилеклеримди жоллайман.
Қәдирли ветеранларымыз, ҳүрметли апа-сиңлилеримиз, исбилермен ҳәм фермерлеримизге ҳүрмет-иззетимди билдиремен.
Реформаларымызды қоллап-қуўатлап киятырған сырт елли шериклеримизге, бүгинги әнжуманда қатнасып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллерине де алғысларымды айтаман.
Әлбетте, ерисип атырған барлық жетискенликлеримиз, инсан қәдири уллы болған дияр – Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы дәслепки нәтийжелерден бири болып табылады. Биз дөретиўши халқымыз бенен бирге бундай ийгиликли ислерди даўам еттиремиз ҳәм алдымызға қойған үлкен-үлкен шеклерге әлбетте ерисемиз.
Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли мийманлар!
Ҳәммемиз көрип-билип турмыз – бүгин адамзат оғада қыйын дәўирди басынан өткермекте. Жер жүзиндеги климаттың кескин өзгериўи, суў ҳәм тәбийғый ресурслардың азайтыўына байланыслы машқалалар үлкен қәўип-қәтерлерге айланбақта.
Халықаралық қатнасықларда өз-ара исеним кемейип, қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлердиң артыўы турақлылық ҳәм раўажланыўға үлкен қәўип туўдырмақта.
Тилекке қарсы, бундай қәўип-қәтерлер бизди де шетлеп өтпей атыр.
Қарақалпақстанда жүз берген кеўилсиз ўақыялар халқымызды қатты қайғыға салды. Қудайға шүкир, көп миллетли халқымыздың ақыллылығы ҳәм данышпанлығы менен жағдай тез арада жолға салынды.
Биз ушын «Қарақалпақстанның табысы – пүткил Өзбекстанның табысы, Қарақалпақстанның тәшиўиши – пүткил Өзбекстанның тәшиўиши», деген идея ҳәмийше әмелий ҳәрекет бағдарламасы болып келген ҳәм буннан кейин де солай болып қалады!
Бизиң ийгиликли мақсетимиз – биргеликтеги мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған, абат ҳәм абадан Жаңа Қарақалпақстанды жаратыў болып табылады.
Әсирлер даўамында ет пенен тырнақтай болып кеткен халықларымыздың дослығына, ҳеш қандай күш тәсир ете алмайды. Себеби, бизиң өтмишимиз бир, бүгинимиз де, келешегимиз де бир!
Биз жанажан Ўатанымыздың қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин ҳәр тәреплеме тәмийинлей аламыз. Тыныш ҳәм татыў турмысымызды сақлап, ғәрезсизлигимизди беккемлеп, турақлы раўажланыў жолымызды жедел даўам еттиремиз!
Әзиз дослар!
Бир турмыслық ҳақыйқатты атап өтпекшимен – бүгин заман ҳәр қашанғыдан да жеделлести. Абаданлық артқан сайын халқымыздың талап ҳәм зәрүрликлери де артып бармақта.
Мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў ушын басқарыў да, нызамшылық та, жәмийетимиз де өзгериўи керек. Егер солай ислемесек, машқалаларды көрип, көрмесликке алсақ, заманнан артта қаламыз. Халқымыз, жас әўладымыз бизден разы болмайды.
Сонлықтан, «Алдын – инсан, кейин – жәмийет ҳәм мәмлекет» деген идеяны Конституциямыз ҳәм нызамларымызға да, күнделикли турмысымызға да терең сиңдириўимиз керек. Ҳәзирги күндеги үлкен сынақлар ҳәм болжаўға болмайтуғын қәўип-қәтерлерди жеңип өте алатуғын миллий мәмлекетшилигимиз тийкарларын беккемлеўимиз зәрүр.
Соларды итибарға алған ҳалда, Тийкарғы нызамымызды жетилистириў ислери даўам еттирилмекте. Бул реформадан халқымыз үлкен өзгерислер күтпекте. Бүгинги күнге шекем бул бағдарда 220 мыңнан аслам усыныс келип түскени де буның айқын дәлили болып табылады.
Додалаўлар қызғын даўам етпекте. Бул процесслерде депутатларымыз, сиясий партияларымыз жуўапкер ҳәм белсенди болып, ҳәр бир усынысқа итибарлы қарап атырғанын көрип турмыз. Бул ушын оларға рахмет айтаман.
«Жәмийет – реформалардың басламашысы» принципи тийкарында барлық мәселелер бойынша халқымыз бенен мәсләҳәтлесип ис тутамыз.
Улыўма, мазмун-мәниси инсан қәдирин улығлаў руўхы менен байтылған, келешек әўладларға мүнәсип хызмет ететуғын, Жаңа Өзбекстанға сай болған Конституцияны ҳәр тәреплеме ойлап, асықпай ислеп шығыўымыз керек.
Пуқараларымыз билдирген барлық усыныс-тилеклер әлбетте есапқа алынады ҳәм Конституция жойбары улыўмахалықлық референдумға алып шығылады.
Ең әҳмийетлиси – ҳәр бир ўатанласымыз конституциялық реформаларға жуўапкер болыўы ҳәм «Бул – мениң Конституциям», деп үлкен мақтаныш пенен айта алыўы керек.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Келеси жылға режелерди дурыс дүзиў ушын халқымыздың пикирин ҳәр бир бағдар бойынша терең таллап, 20 мыңға шамалас усынысларды додаладық.
Адамларымыз билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономика бағдарларында анық мәселелерди көтерип, олар бойынша системалы шешимлерди де усыныс етпекте.
Халқымыз бизден мектеп, бақша ҳәм емлеўханаларды көбейтиўди, билимлендириў ҳәм медицинаның сапасын арттырыўды, мәҳәлледе жол, суў, электр, транспорт машқалаларын шешиўди, жумыс орынларын көбейтиў, исбилерменликке жаңа имканиятлар жаратыўды, әдилликти тәмийинлеў, сергизданлық, бюрократия ҳәм коррупцияны жоқ етиўди күтпекте.
Көтерилген мәселелер анық ҳәм орынлы. Қанша қыйын болмасын, биз бул машқалаларды шешиўимиз керек. Ҳеш ким сырттан келип, буларды шешип бермейди. Адамларымыздың басламасы, ғайраты ҳәм потеницалын иске қосыў ушын барлық шараятларды туўдырып бериў тийкарғы ўазыйпамыз болыўы керек.
Халқымызға қанша имканият жаратсақ, буның пайдасы жәмийетимизге он есе, жүз есе болып қайтады.
Сонлықтан, кирип киятырған жаңа, 2023-жылға елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы», деп атама бериўди усыныс етемен.
Неге жылға бундай атама берип атырмыз?
Биз Өзбекстанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың орайында инсан ҳәм оның мәплерин тәмийинлеўди әҳмийетли ўазыйпа етип белгиледик. Бул сиясат бир жыл менен шекленип қалмаўы, бәрқулла даўамлы болыўы бәршемизге белгили.
Тийкарында да, бизиң ең бийбаҳа байлығымыз, бул – дөретиўши халқымыз, пәтияға қол жайған ата-аналарымыз, нәўқыран әўладымыз емес пе?
Усы елде жасап атырған ҳәр бир инсанның тыныш ҳәм бахытлы өмир сүриўи, оның денсаўлығы жайында болыўы, жақсы билим алыўы, шаңарағын тербетиўи ушын қандай шараят керек болса, ҳәммесин жаратып бериўге ҳәрекет етип атырмыз ҳәм бул жолдан ҳасла тоқтамаймыз.
Билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы болып табылады.
Юсуп Ҳас Ҳажиб бабамыз айтқанындай:
«Ақыл бар жерде уллылық болады,
Билим бар жерде келешек болады».
Сол ушын бул тараўда басланған реформаларымызды даўам еттириўимиз, билимлендириў дәргайларына барып, муғаллимлер ҳәм устазлар менен көбирек сөйлесип, оқыў-тәрбия жумысларының сапасын арттырыў бойынша олар қойған мәселелерди биргеликте шешиўимиз керек.
Биз келеси жылы Мәмлекетлик бағдарламаға халқымыз көтерген барлық мәселелерди анық шешимлери менен киргиземиз. Бул процесслерде депутат ҳәм сенаторлар, мәҳәлле ўәкиллери, зиялылар, жаслар, исбилерменлер ҳәм кең жәмийетшилигимизден белсенди болыўын, жаңадан-жаңа усыныс ҳәм басламалар билдириўлерин сорайман.
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Енди 2023-жылдағы әҳмийетли бағдарларға тоқтап өтпекшимен.
Биринши бағдар. Ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасына өтиўди усыныс етемен.
Не ушын сөзди усы бағдардағы реформалардан баслап атырмыз?
Алдынлары итибардан шетте қалып, «жоқ болып кетиў» алдында турған тараўларды «аяққа турғызыў» ушын алты жыл даўамында жаңа министрлик ҳәм уйымларды шөлкемлестириўге туўра келди. Солай ислеўге мәжбүр едик, болмаса ҳәзирги жетискенликлеримиз болмайтуғын еди.
Мектепке шекемги билимлендириў, турақ жай коммунал, «мәҳәлле кесиминде» ислеў, инвестиция, мәмлекетлик хызметлер, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тараўларында үлкен нәтийжелерге еристик. Жеке сектор ҳәм исбелременликтиң раўажланыўы изге қайтпас процесске айланды. Халқымыздың абаданлығы, заманагөй технология ҳәм кәсип-өнерлерге умтылыў артып бармақта. Экономикамызда күннен-күнге жаңадан-жаңа бағдар ҳәм тараўлар жаратылмақта.
Бул бағдарда жеке басламаларды кеңейтиў, оларға жаңа перспективаларды ашыў мақсетинде енди «қол басқарыўы»нан – анық нәтийжеге хызмет ететуғын системалы басқарыўға өтиў ўақты келди.
Ашық айтыў керек – ҳәзирги күнде мәмлекетлик аппаратта қайталаныў көп, керек емес штатлар бар. Орайласыў жоқары. Ақыбетинде бүгинги қыйын мәселелерге дурыс шешим табыў ушын артықша ўақыт, күш ҳәм ресурс жумсалмақта.
Министрликлердиң Ҳүкимет қабыл етип атырған қарарларда, айтыў керек болса, «үни жоқ». Яғный, олардың бул қарарларды таярлаў ҳәм турмысқа енгизиўге қатнасыўы ҳәм жуўапкершилиги жеткиликли емес. Енди министрлердиң булай ески усылда ислеўине ҳақысы жоқ.
Егер министрдиң өз тараўы бойынша узақты гөзлеген анық көзқараслары болмаса, оның жумысы себепли адамлардың аўыры жеңил болмаса, өзиңиз айтың, бундай басшыдан не пайда бар?
Сол ушын жаңа ҳәкимшилик реформалар ҳаққында Пәрманға қол қойдым. Буған узақ таярлық көрдик.
Биринши басқышта министрликлер реформаланады, Ҳүкиметтиң ис усылы да түп-тийкарынан өзгереди. Бәринен бурын, министрлик ҳәм уйымлардың саны ҳәзирги 61 ден 28 ге кемейтиледи.
Енди ҳәр бир министрлик тийисли тараўда мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға жуўапкер болып, тармақлар қурамындағы комитет, агентлик ҳәм инспекцияларға басшылық етеди.
Көп министрлер өзгереди. Көп тараўдың терең билимданы, пидайы ҳәм жумысынан халық разы болып атырған министрлер лаўазымында қалады. Усылай қатнас жасаў дурыс болады, деп ойлайман.
Мәмлекетлик хызметкерлердиң саны басқышпа-басқыш 30-35 процентке қысқарады. Үнемленген қаржылар социаллық мәселелерге қаратылады.
Ҳәр бир министрдиң сиясий статусы, Президент, парламент ҳәм жәмийетшилик алдындағы жуўапкершилиги арттырылады. Буған сәйкес түрде жуўапкершилиги де күшейтиледи. Оларға халықтың машқалаларын шешиўге жеткиликли ўәкиллик те, қаржы да бериледи.
Министрликлердиң жумысында ашық-айдынлық, нызамшылық, нәтийжелилик ҳәм сапа тийкарғы фактор болады.
Биз коррупция ҳаққында көп айтамыз, бирақ системада коррупцияға жол қойылса, неге министр жуўап бермеўи керек? Енди сораў басқаша болады. Министр өз системасына ажыратылған қаржыларды нәтийжели ҳәм мақсетли жумсаў бойынша биринши болып, өзи жуўап береди.
Имам Матуридий бабамыздың: «Ел-халқың менен ҳәмдәрт болып жасасаң, халық ҳәмийше сениң менен бирге болады», деген турмыслық даналығы ҳәр бир министр, ҳәр бир басшының сана-сезиминде, қәлбинде ҳәм ҳәрекетинде мөрлениўи керек.
Мәмлекет ўәкиллери өзиниң ҳадал мийнети, әпиўайылығы, халықшыллығы, кеңпейиллиги ҳәм пидайылығы менен адамларымыздың меҳрине сазаўар болыўы керек.
Енди министрлердиң сиясий жуўапкершилиги арттырылып, Ҳүкимет қарарларының жойбарлары, мәмлекетимиз турмысына байланыслы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер тиккелей министрлердиң қатнасыўында коллегиал шешиледи.
Ҳәр бир ўәлаяттағы машқалаларды шешиўге, ҳәр айда орынларға шыққан ҳалда «Ҳүкимет күни» өткерилиўи жолға қойылады.
Министр ҳәр жылдың басында жәмийетшиликтиң алдында тараўдағы режеси ҳәм жыл жуўмағы менен болса оның нәтийжеси бойынша есап береди.
Атап көрсетпекшимен – енди, қайсы министр өз жумысын еплей алмаса, босатылады.
Усы жерде және бир пикирди Парламент ўәкиллерине жеткермекшимен.
Кейинги жылларда көп ўәкилликлерди Олий Мажлиске өткердик, оларды буннан былай да кеңейтиўди ойлап отырмыз. Жаңа министр тайынлаўға да депутатлар қатнаспақта, режелери менен танысып, мақуллап атыр. Бирақ, тилекке қарсы, кейин ала тек ғана сын менен шекленип атыр.
Мәлим болғанындай, тараўлар бойынша еки палатада да комитетлер, комиссиялар бар. Тийкарында, олар, министрлерге қайсы бағдарда ямаса аймақта жумыс жақсы жолға қойылмай атырғанын көрсетиўи, кемшиликлер бойынша орынларға шығып, халықтың пикирин үйренип, мәселеге биргеликте шешим табыўы зәрүр.
Сонлықтан, министрдиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде парламенттеги комитет, комиссия ҳәм депутатлардың да жуўапкершилигин белгилеў, дурыс болады, деп есаплайман.
Әлбетте, сын да керек. Бирақ, ҳәзирги депутатларға берилген үлкен ўәкиллик ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.
Мен де узақ жыллар депутат болып ислегенмен, сол дәўирде бирде бир министр Парламентте есап бергенин көрмегенбиз. Ҳәзир болса жағдай пүткиллей басқаша-ғой! Сол ушын ең әҳмийетли мәселе – елдиң тәғдирине жуўапкер болып, халқымызды разы етиў ушын ҳәммемиз биргеликте ислесиўимиз керек.
Улыўма, Парламентимиздиң жумыс усылын жақсылаў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў да, Конституциямызда өз көринисин табыўы зәрүр.
Ҳәкимшилик реформалардың екинши басқышы сыпатында келеси жылы аймақлардағы басқарыў системасы да реформаланады.
Барлық ҳәкимшилик реформалар шеңберинде жаңа басламалар Конституциямызда әлбетте белгилеп қойылыўы керек. Сизлер де буған қосыласыз, деп ойлайман.
Быйыл «Мәмлекетлик хызмет ҳаққында»ғы жаңа Нызамды қабыл еттик. Ендигиден былай мәмлекетлик лаўазымларға тек ғана конкурс тийкарында жумысқа қабыл етиледи. Барлық басшылардың жумысы нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалап барылады.
Ҳәр жылы 500 қәнигени ең абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында ҳәм орайларында оқытып келемиз.
Келеси еки жылда ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимлигине республика уйымларында жоқары лаўазымларда ислеген, билимли ҳәм тәжирийбели кадрлар қойылады.
Жаңа жылдан баслап ҳәр бир ҳәким өз районына 40-50 миллион доллар жеке инвестицияларды алып келиўи керек болады.
Министрлер тек мәмлекеттиң қаржысын жумсамай, өзлери де баслама көрсетип, жеке инвестицияларды тартыўы керек. Мәселен, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик арқалы аўыл, суў, тоғай хожалықлары, траснпорт тараўларына биймәлел жылына 1 миллиард долларға шекем инвестиция алып кириўи мүмкин.
Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде және бир әҳмийетли басламаны алға қоймақшыман.
Ҳәзирги күнге келип Орайлық Азияда халқы миллионнан аслам қалалар 7 ге жетти. Регионымызда пайтахтлар менен бир қатарда ири қалалар да «өсиў орайлары»на айланбақта. Олардың арасында Самарқанд ҳәм Наманган қалалары да бар. Олардың ҳәр биринде халықтың саны бир миллионға жетпекте. Еки қалада да үлкен дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылмақта.
Самарқанд қаласы дүнья таныйтуғын мегополиске, халықаралық туризм ҳәм бизнес орайына айланбақта. Наманган да санаат, исбилерменлик, билимлендириў, мәденият тараўларында регионаллық орай сыпатында өз орнын таппақта. Сонлықтан Самарқанд ҳәм Наманган қалаларын өз алдына ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер сыпатында республика бойсыныўына өткериўди усыныс етемен.
Бул пайтахтымыз Ташкент пенен бир қатарда «өзине тартатуғын орайлар»ды көбейтиў бойынша баслаған сиясатымызда жаңа әмелий қәдем болады; жан басына дәрамат, жумыс орынларын көбейтеди; еки ўәлаятта да районларды раўажландырыўға көбирек итибар қаратылады ҳәм бул да әдалаттан болады.
Енди усы ўәлаятлардың ҳәкимлери тек ғана ири қалалар менен емес. районларда шараятларды жақсылаў бойынша да ислеўи талап етиледи.
Ҳәр еки қаланы раўажландырыў бағдарламасы Министрлер Кабинетинде тастыйықланып, олардың орынланыўы ушын тиккелей Бас министр жуўап береди.
Екинши бағдар. Биз Жаңа Өзбекстанды «социаллық мәмлекет» принципи тийкарында қурыўды мақсет етип отырмыз. Буны Конституцияда беккемлеў керек.
Социаллық мәмлекет бул, бәринен бурын, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын теңдей имканиятлар, адамларға мүнәсип өмир сүриўге зәрүр шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, деген сөз.
Сонлықтан, биринши гезекте, итибар Жаңа Өзбекстан ушын ең үлкен инвестиция болған билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратамыз.
Мәдет – тәлимде, мәдет – тәрбияда, мәдет – билимде. Себеби, барлық ийгиликли мақсетлерге билим ҳәм тәрбия арқасында ерисиледи.
Ағартыўшы жадид бабаларымыздың бул сөзлери депутат ҳәм сенаторларымыз, сиясий партиялар, жергиликли кеңеслер, пүткил мәмлекетлик аппараты, кең жәмийетишиликтиң әмелий ҳәрекетине айланыўы керек. Сонлықтан мектеплерде билимлендириўдиң сапасын ҳәм жәмийетте муғаллимшилик кәсибиниң абырайын арттырыў, шараятларын жақсылаў 2023-жылы ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болады.
Муғаллимлердиң статусын, олардың абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаўды Конституцияда өз алдына белгилеў зәрүр, деп есаплайман.
Келеси жылдан баслаўыш классларда пүткиллей жаңа методика тийкарында жаратылған сабақлықлар бойынша оқытыў жолға қойылады. Ҳәзирги ўақытта олар халықаралық экспертизадан өтип, өзимизде сынақтан өткерилмекте. Бирақ жоқары классларда-ше? Ашығын айтыў керек, оларда берилип атырған тәлим-тәрбияның сапасы, муғалламлердиң билимин ҳәм шеберлигин талап дәрежесинде, деўге болмайды.
Балаларымыз мектептен ана тили ҳәм шет тиллерин пуқта өзлестирип, компьютерде ислеўди үйренип шығыўы керек. Перзентлеримизди кәсип-өнерлерге, көркем өнер ҳәм мәдениятқа қызықтырыўымыз зәрүр.
Оқыўшыларда еркин ҳәм креатив пикирлеўди, жәмийетшилик пенен ислесиў ҳәм қарым-қатнас көнликпелерин қәлиплестириўимиз керек.
Мине, мектеплеримизге қандай орталық кирип келиўи керек!
Бул бағдарда Президент мектеплеринде 130 мәмлекетте мақулланған «A-level» билимлендириў бағдарламасы жолға қойылғаны өз нәтийжесин бермекте.
Бул процессте ҳәр бир оқыўшы өзиниң қәбилетине қарай, анық бағдарлар бойынша терең оқытылады, дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларында оқыў имканиятлары кеңейеди.
Сонлықтан, 2023-жылдан мектеп билимлендириўин халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында пүткиллей реформалаўды баслаймыз.
Бул жумысларды системалы жолға қойыў, жаңа сабақлықларды ислеп шығыў, алдыңғы билимлендириў стандартларын ҳәм методикаларын енгизиўге өз алдына илимий институт ҳәм лабораториялар шөлкемлестириледи. Миллий өзлигимиз тымсалы болған ана тилимизге итибар және де күшейтиледи.
Ҳәзирги ашық-айдынлық сиясаты, сырт ел инвестициялары ҳәм жаңа кәрханалардың көбейип атырғаны жасларымызды заманагөй билимлер ҳәм шет тиллерин үйрениўди талап етпекте. Сонлықтан, мектеплерге жоқары қәнигели сырт ел муғаллимлерин алып келиўге мәжбүр болып атырмыз.
Пурсаттан пайдаланып, елимиздеги барлық мектеп жәмәәтлерине мүрәжат етпекшимен.
Жаннан әзиз балаларымыз мектептен шет тиллерин, кәсип-өнер ҳәм компьютер саўатлылығын пуқта үйренип шықса, билесизлер ме, жәмийетимиз қандай өзгереди?
Жаңа Өзбекстанда мектеп жәмәәтлери ҳәм муғаллимлердиң жуўапкершилиги – әйне сол мәселелерде айқын көринеди. Мен – Сиз, жанкүйер муғаллимлеримиз бул ўазыйпаны мақтаныш пенен атқара алатуғыныңызға исенемен.
Келеси жылы 70 жаңа мектеп қурылады, 460 мектеп кеңейтиледи. Жеке инвестициялардың қатнасында 100 мектеп қурыў жойбарлары басланады, келеси бес жылда олардың санын 1 мыңға жеткеремиз.
Жыл басынан Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде 285 мың баслаўыш класс оқыўшылары ушын бийпул аўқатланыў жолға қойылды. Бул бойынша жеткиликли тәжирийбе арттырдық.
Келеси оқыў жылынан бул әмелият қалған ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мектеплеринде де енгизиледи ҳәм бул ушын 2,3 триллион сум ажыратылады. Бул процесслерди анық система тийкарында шөлкемлестириў, перзентлеримизди саламат ҳәм сапалы аўқат пенен тәмийинлеўге халық билимлендириў министри жуўапкер болады.
Билимлендириў тараўындағы гезектеги әҳмийетли бағдар, бул – жаслардың заманагөй кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўдан ибарат.
Мектеп питкериўшилериниң 50 проценти мийнет базарына ҳеш қандай кәсипке ийе болмастан кирип келип атырғаны ҳәммемизди ойландырыўы керек. Сонлықтан, 700 ден зыят кәсип-өнер мектеби, колледж ҳәм техникумлардың имканиятынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.
Усы мақсетте 2023-жылдан баслап жаңа бағдарлама әмелге асырылады. Ҳәр бир ўәлаятта 1 техникумға Европа кәсиплик билимлендириў стандартлары енгизиледи. Келеси бес жылда барлық колледж ҳәм техникумлар усы система менен қамтып алынады.
Соның менен бирге, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўды кеңейтемиз. Химия санааты, электр техникасы, транспорт ҳәм энергетика тараўларында абырайлы халықаралық шөлкемлер менен бирге, өз алдына Инженерлик метеплери шөлкемлестириледи. Бул система бизде ҳәзирге шекем болмаған. Қысқа етип айтқанда, жаңа заман инженерлерин таярлаў системасын жаратамыз.
Кейинги алты жылда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 27 проценттен 70 процентке жеткерилиўи нәтийжесинде бүгинги күнде 2 миллионға шамалас бала бақшаға бармақта. Жақында Ташкент қаласында өткерилген ЮНЕСКОның Мектепке шекемги билимлендириў бойынша Улыўма жер жүзилик әнжуманында да реформаларымыз жоқары баҳаланды.
Соның менен бирге, келеси бес жылда қамтыўды 80 процентке жеткериў ушын 600 мың жаңа бақша орны керек. Бул – жүдә үлкен шек. Сонлықтан, бақшалардың санын көбейтиў, олардағы тәлим-тәрбияның сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша бес жыллық бағдарлама қабыл етиледи. Бақшаға қамтыўды кеңейтиў бойынша жеке секторға қосымша шараятлар жаратылады.
Кейинги жылларда жоқары оқыў орынларымыз 2,5 есе көбейип, 198 ге жетти, қамтыў дәрежеси 9 проценттен 38 процентке көбейди.
Биз бул санларды және де көбейтиўди мақсет еткенбиз. Бирақ, билимлендириўдиң сапасы не болады, деген сораў ҳәммемизди ойландырыўы керек.
Бәринен бурын, буған ҳәр бир жоқары оқыў орны өзи ҳәрекет етиўи керек, сонда нәтийже болады.
Бул бойынша 41 жоқары оқыў орнына академиялық ҳәм финанслық еркинлик берилди, оларда трансформация офислери ашылды. Жоқары оқыў орынларының ректорлары, профессор-оқытыўшылары бул процесслерде белсенди болыўы, жаңа алдыңғы методикаларды енгизиўлери керек.
Келеси жылы жоқары оқыў орны студентлери ушын жеңилликли тәлим кредитлерине ресурслар 2 есеге көбейтилип, 1,7 триллион сум ажыратылады.
Быйыл илим ҳәм инновацияларға 1,5 триллион сум қаратылады. Бул 2017-жылға салыстырғанда дерлик 6 есеге көп, деген сөз.
Илимпазлардың мийнет ҳақысы да 4,5 есеге көбейтилди.
Булардың бәриниң есабынан нано ҳәм биотехнологиялар, санлы геология сыяқлы 18 жаңа илимий бағдар шөлкемлестирилди.
Келеси жылы илим ҳәм инновацияларға 1,8 триллион сум ажыратылады.
Енди илимпазларымыз суў ҳәм энергияны үнемлеў, топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлилик, геология, санаат, қурылыс сыяқлы ҳәзирги күнде биз ушын әҳмийетли бағдарларда анық нәтийжелер көрсетиўи керек.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Халқымыздың маман ҳәм сапалы медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын және де кеңейтемиз.
Бәринен бурын, бийпул медициналық жәрдемниң кепилленген көлеми нызам менен белгиленеди.
Ажыратылып атырған қаржылар ҳәр бир наўқасқа жетип барыўы ушын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўға өтиўди тезлестиремиз. Келеси жылы бул система Ташкент қаласында басланады. Басқышпа-басқыш басқа аймақларда да енгизиледи.
Усы жерде бир аўыр мәселени айтып өтпекшимен. Ҳәзирги күнде 7 миллион халқымызда ҳәр қыйлы созылмалы кеселликлер бар.
Саламат турмыс тәризи ҳаққында алты жылдан берли айтып атырмыз. Бирақ Денсаўлықты сақлаў министрлиги буны еле орын-орнына қоя алмай атыр. Саламат аўқатланыў рационына байланыслы усыныслар адамларға жеткерилмей атыр, ҳәр қыйлы жастағы адамлар ушын физикалық шынығыўларды үйретиў жумыслары жоқ. Негизинде, инсан саламатлығы, медицинаның тийкары да усылар-ғо! Соның ушын, «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» жаңа улыўмамиллий ҳәрекетин мәҳәлледен баслаймыз. Бул ҳәрекетте жасы киши ҳәм жасы үлкенлер-барлық ўатанласларымыз өз орнын табыўы керек.
Халыққа басланғыш медициналық хызметлерди және де жақынластырыў жумыслары даўам еттириледи. Келеси еки жылда ҳәр бир шаңарақлық поликлиника ҳәм шыпакерлик пунктине ең керекли әсбап-үскенелер жеткерип бериледи, экспресс лабораториялар толық жаңаланады.
Жаңа жылда қосымша 140 шаңарақлық пункт ҳәм поликлиникалары, 520 алыс ҳәм шетки мәҳәлледе ықшам медициналық пунктлер шөлкемлестириледи.
Соның менен бирге, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў бойынша үш жыллық үлкен бағдарлама әмелге асырылады. Барлық туўыў комплекслери толық оңланады ҳәм үскенеленеди, орынлар саны 35 процентке көбейтиледи.
Буннан тысқары, мәмлекетимизде 15 мыңға шамалас онкологиялық наўқаслар нур жәрдеминде емлениўге мүтәж. Соның ушын, келеси жылы Самарқанд, Ферғана ҳәм Хорезмде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Радиология орайларын шөлкемлестириў жойбарларын баслаймыз.
Ҳүрметли қоспа мәжилис қатнасыўшылары!
Ҳәммемизге белгили, барлық реформаларымыздың тийкары ҳәм айнасы болған бул – мәҳәлле. Жәмийетимиздеги барлық процесслер мәҳәлле турмысында өз көринисин ҳәм әмелий шешимин табады.
Мәҳәлле-тынышлық ҳәм татыўлық тийкары, аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик, ағартыўшылық ҳәм тәрбия қорғаны болып есапланады. Соның ушын да буннан былай мәмлекетлик инвестициялық бағдарламалар мәҳәлле дәрежесине түсириледи.
Бәринен бурын, 2023-жылы халық тәрепинен усыныс берилген суў, электр энергиясы, жол, мектеп сыяқлы бағдарлар бойынша жойбарлар ушын дерлик 3 есеге көп, яғный 8 триллион сум қаратылады.
Ҳәр бир мәҳәлле өзиниң китапханасы, спорт майданшасына ийе болыўы зәрүр.
Мәҳәлле өзиниң машқаласын еркин шешиўи ушын «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизиледи. Оның ушын жаңа жылда 1-январьдан баслап мүлк ҳәм жер салықларының бир бөлеги мәҳәллениң өзинде қалады.
Соның менен бирге, Конституциямызға халықтың мүнәсип турмыста жасаўы ҳәм турақ жайға ийе болыўы ҳаққындағы жаңа статьяларды киргизиў зәрүр, деп есаплайман.
Халық ушын жаңа турақ жайлар қурыў көлемин 1,5 есеге арттырып, 90 мыңға жеткеремиз. Бул бағдарда еки жыл алдын басланған жеңиллетилген шәртлер тийкарында ипотека кредитлерин бериў даўам еттириледи.
Келеси жылы Ташкент ўәлаятында «Мениң биринши үйим» жаңа ипотека бағдарламасы басланады. Бағдарлама шеңберинде, биринши гезекте турақ жайға мүтәжлиги бар ҳәм жас шаңарақлар ушын ең қолайлы шәртлер тийкарында турақ жайлар қурылады.
Буннан тысқары, жәмийетлик транспорттағы жағдай пүткиллей өзгереди. Ташкент қаласы ушын қосымша түрде 1 мың заманагөй автобус сатып алынады, 7 жер үсти метро бәндиргиси иске қосылады. Булардың есабынан ҳәр күни 500 мыңнан аслам пайтахт халқы ҳәм мийманларына қосымша қолайлықлар жаратылады.
Аймақларда да жолаўшы тасыўдың сапасын жақсылаў мақсетинде және 1 мың автобус ҳәрекети жолға қойылады. Бул арқалы жәмийетлик транспорт бойынша жағдай аўыр болған 300 мәҳәлледеги 1 миллион халықтың узағы жақын етиледи.
Үшинши бағдар. Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў мәмлекеттиң конституциялық миннетлемеси сыпатында белгилениўи зәрүр.
Кейинги жыллары суд-ҳуқық системасынла әдиллик орнатыў бойынша көп жумыс иследик. Соның менен бирге, әдил судлаўды тәмийинлеў бойынша еле қолымыз жетип бармаған мәселелер бар. Тилекке қарсы, ҳәзир де тергеўдиң сапасы төменлиги, судларда адамлардың сергизданлығы, суд қарарларының орынланбай атырғанлығы менен байланыслы жағдайлар ушыраспақта.
Бул мәселелер, бәринен бурын, Жоқары суд баслығы ҳәм Бас прокурорды тәшўишке салыўы керек.
Не ушын елеге шекем мәмлекет есабынан бийпул тәмийинленетуғын адвокатларды электрон таңлаў системасы иске қосылмады? Ким оған қарсы?
Бул мәселени айрықша қадағалаўға алып, тез күнлерде усы системаның толық иске қосылыўын тәмийинлеўимиз зәрүр.
Соның ушын, қысқа мүддетте ҳуқық-қорғаў уйымларын жаңаша ислеўге үйрететуғын, әдил судлаўдың сапасын арттыратуғын система жаратамыз. Бул мәселеде айрықша Пәрманға қол қойылды.
Бәринен бурын, адамларымыздың орынларда судтан-судқа сергиздан болып жүриўине шек қойылады. Оның ушын әдил ҳүким ҳәм қарар шығарыў бойынша ўәлаятлық судлардың ўәкиллиги де, жуўапкершилиги де арттырылады.
Тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўин тыңлаў ҳәм мүлкти хатлаўға санкцияны прокурордан судқа өткеремиз. Енди тергеўши жынаятқа байланыслы деп, ҳәр қандай мүлкти хатлап қоя алмайды. Себеби, биз жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын күшейтиў бойынша бир қанша ҳәрекет етип атырмыз.
Буннан былай мүлк ҳуқықын шеклеўге байланыслы ҳәр қандай ҳәрекет тек ғана суд арқалы болады.
Тергеўдиң сапасын арттырыў бойынша да системалы илажлар көремиз. Тергеў шахсты айыплаў ушын емес, жынаятты ашыў арқалы ҳақыйқатты анықлаў ушын ислеўи керек.
Соның менен бирге, судта жумысларды көриўде қатнасатуғын айрықша прокурорлар корпусы қәлиплестириледи. Олар арнаўлы оқытылады, жумысты судта көриўде әдил, еркин болыўы нызам менен белгиленеди.
Әдил судлаўды тәмийинлеўде қорғаўшыға берилген ҳуқықлар да қайта көрип шығылып, жетпейтуғын ўәкилликлер бериледи.
Не ушын адвокатқа жынаят исин қозғаў ҳәм жуўмақлаў ҳаққындағы қарардан нусқа берилмейди? Бундай жағдайда теңлик ҳаққында қалай айтыў мүмкин?
Енди судларға жынаят иси тек ғана айыплаў жуўмағы менен емес, ал қорғаўшының пикири менен бирге қабыл етиледи.
Айыпланыўшының қорғаўшыдан ўаз кешиўи бойынша ҳәр бир жағдай прокурор, суд тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренилетуғын система енгизиледи.
Кейинги ўақытлары айырым ўақытша услап турыў орынларында инсан ҳуқықларының бузылыўы бойынша аўыр мәселелер көтерилмекте.
Бизиң елимизде бундай жағдайлар улыўма болыўы мүмкин емес. Ким оған әмел етпесе, нызам үстин, жаза анық болады.
Соның ушын, бундай орынларға алып келинген барлық пуқараларды есапға алыўдың онлайн системасы енгизиледи ҳәм жүзин таныў үскенеси орнатылады.
Ҳеш кимниң умытыўға ҳақысы жоқ – нызам талаплары ҳәм инсан ҳуқықлары – биз ушын уллы қәдирият.
Бас прокурор ҳәм Ишки ислер министри бул ҳақыйқатты ҳәр бир хызметкерине жеткерип, тәсиршең қадағалаў орнатыўы шәрт.
Алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында ҳәкимшилик судлардың жумысын жаңа басқышқа алып шығамыз.
Ҳәкимшилик судларға ҳәким қарарынан наразы болып мүрәжат еткен жағдайда, жумысларды экстерриториал тәртипте, яғный басқа аймақта да көриў әмелияты енгизиледи.
Министрлер де, ҳәкимлер де бир ҳақыйқатты жақсы түсинип алыўы керек: Өзбекстанда мүлк ҳәм инвестицияның қорғаўшысы қайсыдыр ҳәким ямаса министр емес, тек ғана Конституция, нызам ҳәм суд болады.
Бул бағдарда Халықаралық коммерциялық судты Өзбекстанда шөлкемлестириў бойынша да әмелий жумыслар басланды.
Жоқарыдағы барлық басламаларды Конституцияда тиккелей бекитип қойыў зәрүр.
Усы жерде биз ушын әҳмийетли болған коррупция мәселесине айрықша тоқтап өтпекшимен.
Өткен еки жылда 5 мыңға шамалас лаўазымлы шахс коррупцияға байланыслы жынаятлар бойынша жуўапкершиликке тартылды. Бирақ, ашық айтыў керек, бул – мәселениң себеби менен емес, ақыбети менен гүресиў.
Депутат ҳәм сенаторлар, жергиликли кеңеслер де жар салып, анық тараўларды таллап, коррупцияны сапластырыў бойынша белсенди болыўы керек емес пе?
Ҳәр бир депутат өзиниң округиндеги бюджет есабынан болып атырған қурылыслар, жолларды, ҳәр айда барып көрсе, буйыртпашы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшиден сапаны талап етсе, билесизлер ме, жағдай қалай өзгереди? Оның ушын сизлерде жетерли ўәкиллик те, күш-ғайрат да бар.
Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында өз алдына нызамлар қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлар жаратылды.
Енди әмелий жумысларды күшейтиў керек. Жасалма монополияға, жабық схемаларға, улыўма коррупцияға имканият жарататуғын барлық бослықларға шек қойылады.
Төртинши бағдар экология, әсиресе, суў мәселелери глобал машқалаға айланып баратырғаны менен байланыслы.
Биз тек ғана бүгинги емес, ал келешек әўладларды да ойлаўымыз шәрт. Сонлықтан, Конституциямызда тәбийғый ресурслар, соның ишинде, суў бассейнлери ҳәм жер асты резервлерин қорғаў бойынша талапларды күшейтиўимиз керек.
Билесиз, мәмлекетимиз кейинги 3 жылда қурғақшылықты басынан өткерди. Оның тәсири, әсиресе, Әмиўдәрьяның төменги бассейниндеги аймақларымызда анық сезилди.
Усы жерде Әмиўдәрья аңғарында жаңа каналдың қурылысы бойынша қоңсы Аўғанстанның ўақытша ҳүкимети сондай-ақ, дүнья жәмийетшилиги менен бирге халықаралық нормалар тийкарында ҳәм регионның барлық мәмлекетлериниң мәплерин инабатқа алыў бойынша әмелий сөйлесиўлер алып барыў зәрүр, деп есаплаймыз. Бундай қатнас қоңсыларымыз тәрепинен де қоллап-қуўатланатуғынына исенемиз.
Улыўма, кейинги 15 жылда жаўын-шашын 25 процентке қысқарды. Жазда оғада ыссы күнлердиң даўамлылығы артқаны алдымызда еле үлкен сынақлар бар екенлигинен дәрек береди. Бирақ ҳәзирги ўақытта егислик майданларға суў жеткерип бериўде сезилерли шығынлар бар. Соның ушын, суў хожалығы системасы реформаланады.
Суўдың есабын ашық-айдын жүргизиў системасы енгизиледи ҳәм келеси үш жылда 13 мыңға шамалас суў хожалғы объекти санластырылады. Соның менен бирге, 16 ири насос станциясы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизацияланады ҳәм альтернатив энергияға өткериледи.
Оларға қосымша түрде суў салығы бойынша түсимлердиң бир бөлеги районларда суўғарыў хызметлерин раўажландырыў, салма, коллектор ҳәм каналларды бетонлаўға қаратылады.
Ҳәзирги ўақытта пүткил жер жүзинде болғаны сыяқлы Өзбекстанда да аўыр экологиялық машқалалар пайда болмақта. Айырым аймақларымызда топырақтың қурамы бузылып, өнимдарлы жерлер қысқарып баратырғаны, шөлстанлық, суў жетиспеўшилиги, қурғақшылық, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў солардың қатарына киреди.
Тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў, суў, ҳаўа ҳәм қоршаған орталықты таза услаў келеси жылы ҳәр бир мәҳәлле халқының мәденияты менен әмелий ҳәрекетине айланыўы керек. Бул бағдарда ҳәзирги жағдайды унамлы тәрепке өзгертиў ушын экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў бойынша ҳәрекетлеримизди, атап айтқанда, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларымызды күшейтемиз.
Ҳүрметли халық ўәкиллери!
Биз аўыл хожалығында реформаларды исенимли даўам еттиремиз.
Жер қатнасықлары бойынша үлкен жумысларды баслап, усы жылдың өзинде 100 мың гектар егислик жерди халыққа дийқаншылық етиў ушын бөлип бердик. Оның есабынан 1,5 миллион тонна қосымша азық-аўқат жетистирилди.
Ең тийкарғысы, аўылларда 400 мың жаңа дийқан хожалығы шөлкемлестирилди, 1 миллион 200 мыңнан аслам адамларымыз бәнт болып, дәрамат алып атыр.
Егер бул реформаны ислемегенимизде, базар ҳәм дүканларымыз ҳәзиргидей мол боларма еди, экспорт усы дәрежеге жетерме еди, жан басына дәрамат өсерме еди?
Соның ушын, 2023-жылы да суў тәмийнаты жақсы болған 100 мың гектар қосымша егислик майданларын халыққа ажыратамыз. Оның есабынан дерлик 350 мың жаңа дийқан хожалығы шөлкемлестириледи.
Егер жәми 750 мың жаңа дийқан хожалығын исбилерменге, жер ийесине айландыра алсақ, аўылда жүдә көп социаллық машқалалар, бәринен бурын, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық мәселеси шешиледи. Мен оған исенемен.
Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери бул жумысты нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер болып, халық алдында турақлы есап берип барыўы керек. Оның ушын кооперацияны белсене қоллап-қуўатлаймыз, киши ҳәм орта қуўатлықтағы сақлаў кәрханалары, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў инфраструктурасын раўажландырамыз.
Улыўма, аграр тараўда жоқары қосымша қун шынжырын жаратыў жойбарларына 2023-жылы 1 миллиард доллар ажыратылады.
Бесинши бағдар. Еркин базар механизмлерин енгизиў, саламат бәсеки ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў Конституцияда айрықша орын ийелеўи керек.
Ҳәзирги күнде дүньяда жүз берип атырған кескин процесслерден ҳәммеңиз хабардарсыз. Дүньяда қурамалы геосиясий жағдай, энергия ресурсларының жетиспеўшилиги күшейип бармақта, азық-аўқатқа талап артып, финанслық ресурслар қымбатламақта.
Бундай жағдайда, қаншелли аўыр болмасын, экономикалық реформаларды исенимли даўам еттиремиз, ишки имканиятларды толық жумсап, жеке меншик секторды және де қоллап-қуўатлаймыз. Оның ушын, бәринен бурын, исбилерменлик орталығын барған сайын жақсылаў бойынша реформаларды жеделлестиремиз.
Биринши гезекте, аймақлар арасындағы экономикалық теңсизликти қысқартыў, барлық район ҳәм қалаларды бир тегис раўажландырыў бойынша жаңаша қатнаслар енгизиледи.
Биз терең талладық. Келеси жылдан баслап район ҳәм қалалардың шараяты, потенциалы ҳәм имканиятларынан келип шығып, 5 категорияға ажыратылады. Соның ишинде, исбилерменлик ушын ҳәр тәреплеме раўажланған 26 район – 1-категорияға; инфраструктурасы жақсы болған 46 район – 2-категорияға; шараятына байланыслы қанаатландырарлы болған 76 район – 3-категорияға; тартымлылығы жетерли болмаған 40 район – 4-категорияға; шараяты аўыр болған 20 район – 5-категорияға туўра келеди.
Енди категорияға қарап, районлардың экономикалық раўажланыўын белгилеймиз. Исбилерменлер ушын субсидия, кредитлер ҳәм компенсациялар категориялардан келип шығып ажыратылады. Олар ушын салық ставкалары ҳәр қыйлы болады.
Мысалы ушын, бесинши категорияға кириўши, шараяты ең аўыр болған 20 район ушын айланыстан алынатуғын салық, пайда салығы, социаллық салық ставкаларын 1 процент муғдарында белгилеймиз. Бул районлардағы исбилерменлер жер ҳәм мүлк салықлары бойынша есапланған сумманың тек ғана 1 процентин төлейди. Жеке исбилерменлер қатаң ставкадағы салықларды төлеўден азат етиледи.
Мине усындай, басқа категориядағы районларда кредитлерге төменлетилген процент ставкаларын қолланыў, инфраструктура қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў сыяқлы бир қатар жеңилликлер бериледи.
Бюджет қәрежетлери, халық ҳәм исбилерменлер алдындағы миннетлемелеримизди қысқартпаған ҳалда, бизнеске салық жүгин азайтыў бойынша жумысларды даўам еттиремиз. Соның ишинде, 1-январьдан баслап қосымша қун салығының ставкасын 15 проценттен 12 процентке төменлетиў есабынан исбилерменлердиң ықтыярында жылына кеминде 14 триллион сум қаржы қалады. Бирақ бизнес орталығын жақсылаў ушын тек ғана салықты азайтыўдың өзи жетерли емес.
Өткерилген сораўларда 70 процент исбилерменлер салық, бажыхана, ҳәкимият, электр, кадастр, өрт қәўипсизлиги, санитариялық қадағалаў сыяқлы уйымлар тәрепинен ҳәкимшилик басымлар бар екенлигин билдирген. Соның ушын, 2023-жылы қадағалаўшы ҳәм руқсат бериўши уйымлардың жумысы және бир мәрте сын көзқарастан көрип шығылады.
Биринши гезекте, алдыңғы тәжирийбелер тийкарында салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилиги қатаң реформаланады. Онда барлық мәмлекетлик уйымларда исбилерменлерге сервис хызметин көрсетиўди баҳалаў системасы енгизиледи. Келеси жылы бул мәселе менен қатаң шуғылланамыз.
Атап өтпекшимен: биз исбилерменлик тараўында жуўапкершиликти жеңиллетиў бойынша баслаған реформаларымызды жедел даўам еттиремиз.
Ҳүрметли дослар!
Халқымыз да, исбилерменлер менен инвесторлар да бизден әҳмийетли мәселе болған энергетика тараўында анық шешимлер күтип атырғаны сыр емес.
Ашық айтыў керек, энергетика тараўындағы машқалалар бүгин пайда болып қалғаны жоқ.
Көп жыллар даўамында жаңа газ кәнлерине инвестиция киргизилмегени, электр ҳәм газ тармақларының модернизацияланбағаны да ҳақыйқат. Ақыбетинде системада анық есап-санақ жоқ екенлиги, үлкен шығынлар әпиўайы жағдайға айланып қалған еди.
Соның менен бирге, кейинги алты жылда халқымыз 13 процентке, санаат кәрханалары болса 2 есеге артып, 45 мыңнан 100 мыңға көбейди. Нәтийжеде электр энергиясына талап кеминде 35 процент көбейди ҳәм жылдан-жылға көбейип бармақта.
Экономикамыздың турақлы раўажланыўы ушын энергетика тараўына 25-30 миллиард доллар инвестиция керек. Оған тек ғана меншик инвестицияларды тартыў арқалы ерисиў мүмкин.
Соның ушын, кейинги үш жылда тараўға 8 миллиард долларлық тиккелей инвестициялар тартылды. Соның ишинде, өткен ҳәптеде Бухара, Наманган ҳәм Хорезмде қуўатлылығы 500 мегаваттлы және 3 қуяш станциясын қурыў бойынша таңлаў жуўмақланды. Депутат ҳәм сенаторлар тәрепинен қабыл етилген жаңа нызамлар оның ушын ҳуқықый тийкар болды.
Жылдың басынан қуўатлылығы 1,5 мың мегаваттлы 7 электр станциясын иске қостық.
Келеси жылы және 4,5 мың мегаваттлы 11 ири жойбарды жуўмағына жеткеремиз. Соның ишинде, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында қурылатуғын қуяш ҳәм самал электр станциялары есабынан қосымша 14 миллиард киловатт электр ислеп шығарылады. Бул арқалы хожалықларға берилетуғын электр энергиясы 50 процентке көбейеди.
Ашық айтыў керек, көплеген экономистлер энергетика тараўында еркин базарға өтиўди усыныс етпекте.
Бул-дурыс жол. Мен де буны қәлеймен. Бирақ, халқымыздың жан басына дәраматы, социаллық қорғалыўын ойлап, бул тараўдағы реформаларды асықпастан, басқышпа-басқыш ислеўимиз керек.
Ең әҳмийетли мәселе – энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў.
Тилекке қарсы, экономикамызда энергияның жумсалыўы басқа мәмлекетлерден 2 есеге жоқары. Соның ушын, энергия нәтийжелилигин арттырыў Миллий бағдарламасын қабыл етемиз. Депутат ҳәм сенаторларымыз бул иске жәрдемлессе, әлбетте, унамлы нәтийже болады.
Үй, жумыс орны, бақша, мектеп ҳәм көшелерде адамларымызға энергияның қәдирине жетиў, оны үнемлеўди үйретиў керек. Нызамларымызда да бул мәселелерди беккемлеў зәрүр.
Соның менен бирге, киши көлемдеги қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў кескин арртырылады. Мысалы ушын, Ташкент ўәлаятында Алмалық, Бекабад комбинатлары ҳәм басқа да ири кәрханалар өз зәрүрликлери ушын 1 мың мегаваттлы қуяш электр станцияларын орнатса, жылына 2,5 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылады. Бул арқалы Ташкент ўәлаятының дерлик 30 процент электрден пайдаланыўы тәмийинленеди ҳәм 500 миллион куб метр газ үнемленеди.
Мине, усындай тийкарда басқа ўәлаятлар да есап-санақларын ислеп, келеси жыл ушын анық режелерин белгилеп алыўы керек.
Республиканың ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкими де өз аймағындағы хожалық ҳәм кәрханаларда жәми 5-10 мегаваттлы қайта тиклениўши энергия жойбарларын әмелге асырыўы шәрт.
Егер, мине, усы мәселеге қатаң кириссек, бул жумыслар, әлбетте, нәтийжесин береди.
Улыўма, келеси үш жылда барлық мәмлекетлик шөлкемлерде қуяш панеллери ҳәм ыссы суў коллекторлары орнатылады. Бул мақсетлерде 2 миллиард доллар муғдарында инвестиция тартылады. Оның есабынан, олардың 60 процент электр ҳәм газ пайдаланылыўы «жасыл энергия»ға өткериледи.
Халықтың шаңарақларында болса, қуяш панелин орнатыўға ажыратылатуғын субсидиялар көлеми 2 есеге көбейтиледи.
Газ резервлерин көбейтиў мақсетинде, геологиялық излеў жумыслары бойынша он жыллық бағдарлама қабыл етемиз. Онда, жаңа технологияларды енгизип, биринши мәрте терең қатламларда газ қазып шығарыў жумысларын баслаймыз. Соның ишинде, Үстирттиң жоқары имканиятқа ийе терең қатламларында излеў жумысларына абырайлы сырт ел инвесторлары тартылады.
Газ қазып шығарыўға алдын берилген барлық лицензиялар қайтадан көрип шығылады, нәтийжесиз ислеп атырған кәрханалар бойынша тийисли илажлар көриледи.
Алтыншы бағдар. Экономикаға жергиликли ҳәм сырт ел жеке меншик инвестицияларын көбейтиў ушын шараятларды және де жақсылаймыз.
Биз кейинги алты жылда инвестициялар көлемин жалпы ишки өнимниң 30 процентинен артыўына еристик.
Келеси жылы дерлик 30 миллиард доллар инвестиция тартылады, соннан 25 миллиард доллар жеке меншик инвестициялар болады. Соның ишинде улыўма баҳасы 8 миллиард долларлық 300 ден аслам жойбарды иске қосамыз ҳәм және 40 жаңа ири жойбар басланады.
Мысалы ушын, «Жаслық» мыс кәнин өзлестириўдиң биринши басқышы жуўмағына жеткерилип, 60 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлылығына ийе 3-мысты байытыў фабрикасы иске қосылады. Бул арқалы Алмалық комбинатының руданы қайта ислеў қуўатлылығы ҳәзирги 40 миллионнан 100 миллион тоннаға жетеди.
Наўайыдағы Пистели кәнинде 4 миллион тонна алтын рудасын қайта ислеў комплексиниң қурылысы жуўмақланады.
Металлургия тараўында әмелге асырылып атырған үлкен бағдарламаларымыз, бес жылдан кейин мысты 3 есеге, алтынды болса, жылына 150 тоннаға шекем арттырыў имканиятын береди.
Химия, автомобиль қурылысы ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысында да үлкен жойбарлар иске қосылады.
Соның менен бирге, жедел инвестициялар тартыўда меншиклестириў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилик имканиятларынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүр.
Келеси жылы меншиклестириўди баслаймыз, мыңға шамалас кәрханалар саўдаға шығарылады.
Бүгин кеўлимдеги бар нийетимди сизлерге ашық айтпақшыман. Мениң үлкен нийетим – ўатанласларымыз арасында жүз мыңлаған мүлк ийелери, акционерлер пайда болсын. Адамларымыз өз аманатларын инвестиция етип, жоқары дәраматларға ийе болсын.
Соның ушын тапсырма бердим. Кейинги жылы ең ири 10 компания ҳәм коммерциялық банклеримиздиң акциялары өз халқымыз ушын ашық-айдын саўдаға шығарылады.
Бул ҳақыйқый халық «IPO»сы болатуғынына исенемен.
Бул бағдарда бурын да айтқан гәпимди тәкирарлаўды орынлы деп билемен: халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады.
Гезектеги мәселе – 2023-жылы таяр өнимлер экспортын қосымша 4 миллиард долларға арттырыў тийкарғы мақсетимиз болады.
Быйыл басланған «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасы өзиниң нәтийжесин бермекте. Бир жылдың өзинде 2 мыңға шамалас исбилерменлер биринши мәрте сыртқы базарларға шықты.
Келеси жылы да экспорт етиўшилерге транспорт ҳам басқа да қәрежетлерин компенсациялаў даўам еттириледи.
Европа базарларына текстиль, электротехника, былғары-аяқ кийим ҳәм басқа да таяр өнимлер экспортын кеминде 2 есеге арттырамыз. Өнимлер экспорты бойынша ҳәзирги 9 басқышлы бажыхана рәсмийлестириўи 3 есеге қысқарады.
Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша тийкарғы сөйлесиўлерди жуўмақлап, ишки нызамшылықты бейимлестириў, жаңа стандартларды енгизиў жумысларын жеделлестиремиз.
Улыўма, 2023-жылы экспорттың көлеми тарийхымызда биринши мәрте 23 миллиард доллардан артады.
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Дүньядағы ҳәзирги қурамалы шараятта ашық ҳәм прагматикалық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған сыртқы сиясатты избе-из даўам еттиремиз.
Буннан кейин де тийкарғы итибарымызды Орайлық Азиядағы барлық қоңсы мәмлекетлер ҳәм дүньядағы стратегиялық шериклеримиз болған мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер менен көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди күшейтиўге қаратамыз.
Миллий қәўипсизликти тәмийинлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў бағдарындағы жумысларымызды жаңа басқышқа алып шығамыз.
Усы жерде депутат ҳәм сенаторларымыз, мәҳәлле, нураный, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар белсендилерине, пүткил халқымызға қарата айтпақшыман: ең бийбаҳа уллы жемис – тынышлығымыз ҳәм татыўлығымыздың қәдирине жетейик, шаңарақларымыз, перзентлеримиз, келешек әўладларымыздың бахыты, камалаты ушын бул уллы байлықты қәстерлеп сақлайық!
Усы мақсетте биз жасларымызды әскерий-ўатансүйўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың ана ўатанға меҳири ҳәм садықлығын арттырыўға және де көбирек әҳмийет бериўимиз керек.
Жас әўладымызды мине, усындай бәркамал, ел-халық ушын пидайы инсанлар етип тәрбиялаўда биз ҳүрметли нураныйларымызға сүйенемиз.
Турмысымыздың периштеси болған тилеклес ата ҳәм аналарымыздың саламатландырыў орайларында саламатлығын тиклеў, оларға мәҳәлле ҳәм жәмийетлик орынларда қосымша шараятлар жаратыўды даўам еттиремиз.
Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, Өзбекстанды өзиниң Ўатаны деп билетуғын, оның раўажланыўы ушын үлес қосып киятырған ҳәр бир пуқара буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң итибары ҳәм ардағында болады.
Миллетлер аралық дослық, диний конфессиялар арасындағы аўызбиршилик, социаллық кеңпейиллик орталығын және де беккемлеў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.
Пүткил жер жүзинде күшейип баратырған радикализм, экстремизм, терроризм, адам саўдасы, нәшебентлик сыяқлы қәўип-қәтерлер, тилекке қарсы бизди де шетлеп өтпей атыр. Бирақ, тәкирарлап айтаман, мусылман үмметине сабақ берген Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий сыяқлы уллы алымлар жетилисип шыққан бизиң үлкемизде бул бағдарда адасқанлар, радикализм ҳәм экстремизм идеяларына берилген болыўы мүмкин бе?
Биз жәмийетимизде ҳәр қандай радикалласыўға, жасларымыздың санасын бузғыншы жат идеялар менен зыянлаўға, диннен сиясий мақсетлерде пайдаланыўға, ағартыўшылықтың орнын жаўызлық ийелеўине жол қоймаймыз. Оның ушын тек ғана жуўапкер шөлкемлер емес, ал барлығымыз биргеликте муқаддес диимиздиң адамгершилик мәнисин ашып бериў, перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бойынша шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў орынларында жумыс алып барыўымыз зәрүр.
Бул әҳмийетли мәселеде айрықша Миллий бағдарлама қабыл етемиз.
Жәмийетимиздиң мәнаўий тийкарларын беккемлеў, мәденият тараўын раўажландырыў, илимий-дөретиўшилик шөлкемлер, ҳүрметли зиялыларымыздың жумысын қоллап-қуўатлаў да биз ушын баслы бағдарлардан бири болады.
Биз әййемги ҳәм бай тарийхымызды, әсиресе, оғада аўыр шараятта илим-ағартыўшылық, инсан еркинлиги, халық азатлығы, Ўатанға, миллий қәдириятларға меҳир ҳәм садықлық идеяларын исенимли көтерип шыққан жадид бабаларымыздың жумысын және де терең үйрениўимиз керек. Олардың уллы мақсетлер жолындағы мәртлерше гүреси ҳәм пидайылығы Жаңа Өзбекстанды қурыўда ҳәммемиз, бәринен бурын, жасларымыз ушын ҳақыйқый үлги мектеби болып хызмет етиўи зәрүр.
Франциядағы белгили Лувр музейинде усы күнлери даўам етип атырған миллий көргизбе, халқымыздың сийрек гезлесетуғын тарийхый мийрасы, бай мәденияты ҳәм дәстүрлерине сырт елде қызығыўшылық қаншелли жоқары екенин көрсетпекте. Бундай бийтәкирар тарийхый ҳәм мәдений байлықларымызды жасларымызға ҳәм сырт ел туристлерине және де кеңирек таныстырыў, музейлерди заман талапларына бейимлестириў бойынша өз алдына бағдарлама әмелге асырылады.
Қәдирли ўатанласлар!
Мине, сизлер менен биргеликте 2023-жыл ушын үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларды белгилеп алдық. Әлбетте, дүньядағы ҳәзирги қурамалы шараятта бул ўазыйпаларды әмелге асырыў аңсат болмайды. Бирақ, биз өткен дәўирде үлкен билим ҳәм тәжирийбе топладық. Ең әҳмийетлиси, өз күш ҳәм имканиятларымызға болған исенимимиз барған сайын артып бармақта.
Соның ушын, қаншелли қыйын болмасын, таңлаған жолымыздан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Гөзлеген шеклеримизге әлбетте, жетемиз. Бул жолда нийети уллы, қәлби пәк, мийнеткеш халқымызға сүйенемиз.
Бир тән бир жан болып ҳәрекет етсек, ел-халқымыз умтылып атырған Жаңа Өзбекстанды әлбетте, барлығымыз биргеликте қуратуғынымызға исенемен.
Пурсаттан пайдаланып реформаларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырған, бәрше сынақларды мәртлерше жеңип, өзиниң пидайы мийнети менен жанажан Ўатанымыздың раўажланыўына шексиз үлес қосқан мәрт ҳәм уллы мәртебели, кеңпейил халқымызға және бир мәрте тәжим етемен.
Бәршеңизди, пүткил халқымызды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, саў-саламатлық, қут-берекет, шаңарақлық бахыт тилеймен.
Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!
Жаратқанның өзи ҳәммемизди, Өзбекстанымызды өз панайында сақласын!