Жаңа жыл байрамы алдынан халық ўәкиллери халықтың кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алып, қайырқомлық илажлары әмелге асырылмақа.
Ҳақыйқатында да мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат сыяқлы пазыйлетлер халқымызға тән әзелий қәдирият болып табылады. Буны қоллап-қуўатлаған депутатлар өзлери сайланған аймақлардағы шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, жәрдем көрсетпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясиының ағзасы Баҳадыржан Сидиқов тәрепинен Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья, Жийдели байсын, Анасай ҳәм Саманбай мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын, ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынына 40, жәми 160 қалта бийдай уны бийпул тарқатылды.
Байрам алдынан усындай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги