Ишимлик суўы есаплағышларды мәмлекетлик стандарттан өткериў хызмети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-августтағы “Юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин (есаплағышларды) шешиў, стандарттан өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарының 3-қосымшасына муўапық тәртипке салынады.
Хызметтен пайдаланыўшылар өзлери қәлеген, жақын аймақта жайласқан Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы арза бериўлери мүмкин. Мәмлекетлик хызмет бойынша арза берилгеннен соң ўәкилликли уйым хызметкерлери тәрепинен ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенесин белгиленген орынға барып шешиў, оны стандарттан өткериў ҳәм орнатып бериў мүддети жәми 14 жумыс күни етип белгиленди.
Есапқа алыў үскенесин гезектеги мәмлекетлик стандарттан өткериў дәўири физикалық тәреплер ушын 8 жыл, юридикалық тәреплер ушын 4 жыл болып табылады. Мәмлекетлик хызмет көрсеткенлик ушын физикалық тәреплерден базалық есаплаў муғдарының 20 проценти, юридикалық тәреплерден 1,5 есеси муғдарында жыйым өндириледи. Бунда мүрәжат my.gov.uz арқалы жиберилгенде 10 процент шегирме қолланылады.
А.ПАТШАХАНОВ,
Нөкис районы Әдиллик бөлими
Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги