Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Арзыхан Наўрызованың 70 жыллығына бағышланған кеше болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинен ўәкиллер, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы, Жас тамашагөйлер ҳәм Қуўыршақ театрларының жәмәәтлери, туўған-туўысқанлары, шаңарақ ағзалары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлардың атап өткениндей, усы тараўда 50 жылдан аслам ўақыттан берли мийнет етип киятырған устаз актриса А.Наўрызова дәслеп Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында жумыс иследи. 1978-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры ашылғаннан соң бирге оқыған бир қатар қәбилетли жаслар қатарында ол да усы театрға жумысқа қабылланады. Театрда биринши сахналастырылған К.Рахмановтың «Егленген бәҳәр» спектаклинде Арзыгүл образын жаратты. А.Наўрызова сол жылларда сахналастырылған көплеген спектакльлерде рольлер атқарып, сахнада өзиниң жаңа қырларын ашып барды. Ол дөретиўшилиги даўамында миллий ҳәм жәҳән классикалық шығармалары тийкарында сахналастырылған спектакльлерде 100 ден аслам образларды жаратты. Театр режиссёрларының исенип тапсырған бас рольлерин шеберлик пенен атқарып шықты. Атап айтқанда, И.Штоктың «Яратқанның дәлкеги» спектаклинде Аўене, Т.Сейтжановтың «Нөкис легендасы» спектаклинде Гүлхан Төреева, К.Галдонийдиң «Еки байға бир малай» спектаклинде Беатриче, С.Жумағуловтың «Күйеўиңди берип тур» спектаклинде Қумырыхан ҳәм басқа да бир қатар образларды жаратты. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы тәрепинен сүўретке алынған «Аталар сөзи – ақылдың көзи» көрсетиўинде, А.Тәжимуратова ҳәм А.Тәжимуратовтың «Ҳәсиретли ана» телепостановкаларында, М.Нызановтың қәлемине тийисли «Қайсар», «Уры», «Өмирдиң үш пасылы» фильмлеринде айрықша характерге ийе образларды жарата алған.

Усындай мийнетлери есапқа алынып, оған 2000-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист атағы берилди. «Ардақлаў – 2016» таңлаўының «Жылдың ең жақсы актрисасы» номинациясын жеңип алды.

Бүгинги күнде А.Наўрызова жас актёрлар ҳәм актрисаларға устазлық етип, өзиниң билимин ҳәм тәжирийбесин үйретип келмекте.

Кеше концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.






Қарақалпақстан хабар агентлиги