Мүнәсибет
Усы жыл 20-декабрь күни Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мәжлиске ҳәм Халқымызға Мурәжат жоллады.
Мүрәжатта 2022-жылда елимизде барлық тараўларда алып барылған жумыслар, ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, 2023-жылда алып барылыўы режелестирилип атырған ўазыйпалар атап өтилди.
Президентимиз 2023-жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама бериўди усыныс етти.
Әлбетте, бундай атама берилиўинде Өзбекстанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың түп негизинде инсан қәдири ҳәм оның мәплери турғанлығын, сондай-ақ, жылдың усылай аталыўы өз гезегинде жуўмақланып атырған «Инсан қәдири ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда алып барылған ийгиликли ислердиң логикалық даўамы екенлигин аңлатады, десек қәтелеспеген боламыз.
Мүрәжатта бир қатар тараўлар сыяқлы мәҳәлле системасына да айрықша итибар қаратылды. Себеби, мәҳәлле – тынышлық ҳәм абаданлық тиреги, аўызбиршилик ҳәм руўхый-ағартыўшылық, тәрбия қорғаны есапланады. Буннан былай, мәмлекетлик инвестициялық жойбарлар мәҳәлле дәрежесине түсирилетуғынлығы 2023-жылда халық тәрепинен усыныс етилген суў, электр энергиясы, жол, мектеп сыяқлы жойбарлар ушын 3 есе көп, яғный 8 триллион сум қаратылғанлығы атап өтилди. Ҳәр бир мәҳәлле өзиниң китапханасы, спорт майданшаларына ийе болыўы кереклиги, мәҳәлле өз машқаласын өзи шешиўи ушын «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизиледи. Бул ушын 1-январьдан баслап, мүлк салықларының бир бөлеги мәҳәллениң өзинде қалады.
Президентимиздиң мәҳәллеге қаратып атырған бундай итибарынан миннетдармыз. Билдирилген исенимди ақлап, халқымыз ийгилиги жолында аянбай хызмет етемиз.
Сағындық Турманов,
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм
нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги