Мүнәсибет
 

Күни кеше елимиз басшысының Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатын  кең жәмийетшилик пенен бирге ғалаба хабар қураллары арқалы көрип тыңладық.

Мүрәжатта жуўмақланып атырған 2022-жыл оғада қыйын ҳәм сынаўлы жыл болғанлығын, усы дәўирде топлаған тәжирийбемиз бир ҳақыйқатты, раўажланыў – тек ғана жигерли мийнет арқалы  болады – деп атап өтти.

Мүрәжатта жыл даўамында барлық тараўларда әмелге асырылған жумыслар атап өтилип, келеси жыл ушын режелер, ислениўи керек болған баслы ўазыйпалар белгилеп берилди. Президентимиз 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти.  Бул болса, өз гезегинде  елимизде  алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың орайында инсан ҳәм оның мәплерин тәмийинлеўди әҳмийетли ўазыйпа етип белгиледи.

Сондай-ақ, барлық тараўлар сыяқлы исбилерменлик  тараўын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларымызды даўам еттириўимиз керек екенлиги айтып өтилди.

Өткен дәўир ишинде елимизде исбилерменлерге оғада үлкен итибар қаратылып, имканиятлар жаратылды. Соның нәтийжеси болса керек,  елимизде исбилерменлердиң саны жылдан-жылға артып бармақта, экономикамыз да раўажланбақта.

Басланған реформаларды даўам еттириў ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-жыл 1-январьдан баслап қосымша қун салығы  ставкасын 15 проценттен 12 процентке азайтыў есабынан исбилерменлердиң ықтыярында жылына кеминде 14 триллион сум дәрамат қалады.

Бул болса өз гезегинде ӨзЛиДеП тиң электораты болған исбилерменлерди ҳәр тәреплеме  қоллап-қуўатлаў  ҳәм оларға қаратылып атырған  итибардың  жоқары екенлигин аңлаў қыйын емес.

Бир сөз бенен айтқанда, Мүрәжаатта белгиленген реже ҳәм бағдарламалар, баслы ўазыйпалар елимиз экономикасын раўажландырыўға ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге  хызмет етеди.


Казбек Артыков,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары  –  аппарат баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги