Президент Шавкат Мирзиёев 2022-жыл 20-декабрь күни Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына гезектеги Мүрәжатын жоллады.
Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында болып өткен илажда Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Мүрәжат оннан артық телеканал арқалы жанлы эфирде, сондай-ақ, Президенттиң социаллық тармақлардағы бетлери арқалы онлайн сәўлелендирилип барылды.
Мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы ең әҳмийетли ўақыя болған бул илаж 2017-жылдан берли өткерилип келинбекте. Онда жуўмақланып атырған жылдағы тийкарғы көрсеткишлер, жаңа жылға мөлшерленген мақсет ҳәм ўазыйпалар жәрияланады. Соның ушын халқымыз бул илажды бәрқулла үлкен қызығыўшылық пенен күтеди.
Мәмлекетимиз басшысының айрықша атап өткениндей, жанажан Өзбекстанымыз миллий раўажланыўдың жаңа дәўирине исенимли қәдем қоймақта. Турмысымыздың барлық тараўларында үлкен өзгерислер жүз бермекте.
Быйыл халқымыз 36 милионнан асты. Ҳәр жылы қатарымызға дерлик 900 мың жаңа әўлад қосылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев жуўмақланып атырған 2022-жыл оғада қыйыншылықлы ҳәм сынақлы жыл болғанын атап өтти. Бул дәўирде топланған тәжирийбе бир ҳақыйқатты анық дәлиллеп берди: раўажланыўға-тек ғана машақатлы ҳәм жигерли мийнет арқалы ерисиледи.
– Соның ушын пандемия, дүньядағы терең экономикалық ҳәм сиясий кризислер, келиспеўшиликлерге қарамастан, халқымыздың жигерли мийнети арқалы ерискен айырым жетискенликлеримизди айтып өтиўди орынлы, деп билемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Елимизде әмелге асырылған кең көлемли ҳәм нәтийжели реформалар нәтийжесинде жалпы ишки өнимниң көлеми биринши мәрте 80 миллиард доллардан асты.
Экономикамызға усы жылдың өзинде 8 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келди, экспорт болса, 19 миллиард долларға жетти.
Бундай нәтийжелер бурын болмағанын атап өтиў зәрүр.
Быйыл тарийхымызда биринши мәрте пенсия ҳәм социаллық напақалар муғдары минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болмаған дәрежеге алып шығылды. Мысалы ушын, 2017-жылда кем тәмийинленген 500 мың шаңарақ социаллық жәрдем алған болса, ҳәзирги күнге келип 2 миллионнан артық шаңарақларға жәрдем берилмекте. Ажыратылып атырған қаржылар болса, 7 есеге көбейтилип, жылына 11 триллион сумға жетти.
– Бул санларды айтыў аңсат. Олардың ҳәр бириниң артында машақатлы мийнет тур. Себеби инсан қәдири, инсанды қәдирлеў – итибарымыздағы ең тийкарғы мәселе,-деди Шавкат Мирзиёев. – Усы мақсетте кейинги алты жылда мәмлекетимиз бойынша дерлик 300 мың ямаса алдыңғы жылларға салыстырғанда 10 есеге көп турақ жайлар қурдық.
Халқымыздың денсаўлығын сақлаў ушын барлық медициналық хызметлер район ҳәм мәҳәлле дәрежесине түсирилмекте.
Бүгинги күнде Өзбекстан дүнья сиясатының орайларынан бирине айланып атырғаны, халықаралық жәмийетшилик буны кеңнен тән алып атырғаны да ҳақыйқат.
Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитлери сондай-ақ, онлаған жоқары дәрежедеги халықаралық әнжуманлар болып өтти. Булардың барлығы мәмлекетимиздиң халықаралық абырайы күн сайын артып баратырғанынан дәрек береди.
– Мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў ушын басқарыў да, нызамшылық та, жәмийетимиз де өзгериўи керек. Егер солай ислемесек, машқалаларды көрип, көрмеўге алсақ, заманнан арқада қаламыз. Халқымыз, жас әўладымыз бизден разы болмайды,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Соның ушын «Алдын – инсан, кейин – жәмийет ҳәм мәмлекет» деген идеяны Конституциямыз ҳәм нызамларымызға, күнделикли турмысымызға да терең сиңдириўимиз керек. Ҳәзирги күндеги аўыр сынақлар ҳәм болжап болмайтуғын қәўип-қәтерлерди жеңип өте алатуғын миллий мәмлекетшилигимиз тийкарларын беккемлеўимиз зәрүр.
Соларды итибарға алған ҳалда, Тийкарғы нызамымызды жетилистириў жумыслары даўам еттирилмекте. Бул реформадан халқымыз үлкен өзгерислер күтпекте. Ҳәзирги күнге шекем бул бағдарда 220 мыңнан аслам усыныс келип түскени де буның айқын дәлили болып есапланады.
«Жәмийет – реформалар басламашысы» принципи тийкарында барлық мәселелер бойынша халқымыз бенен мәсләҳәтлесип ис тутылмақта.
Улыўма, мәниси ҳәм мазмуны инсан қәдирин улығлаў руўхы менен байытылған, келешек әўладларға мүнәсип хызмет ететуғын, Жаңа Өзбекстанға сәйкес болған Конституцияны ҳәр тәреплеме ойлап, асықпастан ислеп шығыў керек екенлиги атап өтилди.
Пуқараларымыздың билдирген барлық пикир-усыныслары, әлбетте, инабатқа алынады ҳәм Конституция жойбары улыўма халықлық референдумға алып шығылады.
Әдеттегидей, Мүрәжаттың ең толқынландырыўшы бөлими жаңа жылға атама берилиўи болды. Мәмлекетимиз басшысы келеси жылға режелерди дурыс алыў ушын халқымыздың пикирин ҳәр бир бағдар бойынша терең таллап, 20 мыңға шамалас усыныслар додаланғанын атап өтти.
– Адамларымыз билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономика бағдарларында анық-айқын мәселелерди көтерип, олар бойынша системалы шешимлерди де усыныс етпекте. Халқымыз бизден мектеп, бақша ҳәм емлеўханаларды көбейтиў, билимлендириў ҳәм медицинаның сапасын арттырыўды, мәҳәлледе жол, суў, электр, транспорт машқалаларын шешиўди, жумыс орынларын көбейтиў, исбилерменликке жаңа имканиятлар жаратыўды, әдилликти тәмийинлеў, сергизданлық, бюрократия ҳәм коорупцияны жоқ етиўди күтпекте. Көтерилген мәселелер анық ҳәм орынлы болып есапланады. Қаншелли қыйын болмасын, биз бул машқалаларды шешиўимиз шәрт,-деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы кирип киятырған 2023-жылды мәмлекетимизде Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы, деп атаўды усыныс етти. Президентимиздиң бул усынысы илаж қатнасыўшылары тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.
Келеси жыл ушын реже ҳәм бағдарламалар анық белгилеп алынып, ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлеримизди және де беккемлеп, ең әҳмийетли ҳәм баслы тараўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасына өтиў, Жаңа Өзбекстанды «социаллық мәмлекет» принципи тийкарында қурыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў, еркин базар механизмлерин енгизиў, саламат бәсеки ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, экономикаға жергиликли ҳәм сырт ел жеке меншик инвестицияларын көбейтиў ушын шараятларды және де жақсылаўға қаратылған ең әҳмийетли ўазыйпалар, ишки ҳәм сыртқы сиясатқа байланыслы тийкарғы бағдарлар белгиленди.
Президент Мүрәжатта айтылған ўазыйпаларды дүньядағы ҳәзирги қурамалы шараятта әмелге асырыў аңсат болмайтуғынын атап өтти.
– Бирақ биз өткен дәўирде үлкен билим ҳәм тәжирийбе топладық. Ең әҳмийетлиси, өз күш ҳәм имканиятларымызға болған исенимимиз күн сайын артып бармақта.
Соның ушын, қаншелли қыйын болмасын, таңлаған жолымыздан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Гөзлеген шеклеримизге, әлбетте, жетемиз.
Бул жолда нийети уллы, қәлби пәк, мийнеткеш халқымызға сүйенемиз. Бир тән бир жан болып ҳәрекет етсек, ел-халқымыз умтылып атырған Жаңа Өзбекстанды әлбетте, барлығымыз биргеликте қуратуғынымызға исенемен,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент сөзиниң соңында жыйналғанларды, пүткил халқымызды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен шын кеўилден қызғын қутлықлап, саў-саламатлық, қут-берекет, шаңарақлық бахыт тиледи.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршысы