Мүнәсибет
Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты көпшилик ўатанласларымыз қатары мениңде қәлбимди толқынландырып, кеўлиме йош, тәниме жәнеде қуўат бағышлағаны ҳақ гәп.
Себеби, онда билдирилген ҳәр бир пикир, алдымызға қойылып атырған анық ўазыйпалар, келешек режелердиң түп негизинде инсан мәпи ҳәм оның қәдир-қымбатының турғанлығын және бир мәрте терең аңладық.
Мәмлекетимиз басшысы өтип атырған 2022-жылда қолға киргизилген нәтийжелерде машақатлы мийнеттиң, елимиздеги тынышлықтың турғанлығын айрықша атап өтти.
Мәмлекетимизде кең көлемли ҳәм нәтийжели реформалар жүргизилип атырғанлығы себепли, 2022-жылда жалпы жыллық ишки өним 80 млд доллардан асқан.
Бул қөрсеткиш 2018 –жылы 52 млд долларды қураған.
Президентимиздиң «Раўажланыў тек ҳәм тек ғана машақатлы ҳәм мәртлик мийнет арқалы болады» деп атап өткениндей, ҳар қандай тараўда көрсеткишлердиң жоқарылаўында, жигерли мийнет, тынымсыз изленис тийкар болып хызмет етеди.
Соңғы жылларда халқымыздың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли ис-иләжлар, ҳәр күни көз оңымызда әмелге асырылмақта.
Мүрәжатта атап өтилгениндей, 2017-жылда кем тәмийинленген 500 мың шаңарақ социаллық жәрдем алған болса, бүгинге келип 2 миллионнан аслам шаңарақларға жәрдем берилип атырғанлығы, ажыратылып атырған қаржылар болса, 7 есе көбейтилип, жылына 11 триллион сўмға жеткенлиги, социаллық қорғаўдың басқышпа-басқыш, нәтийжели әмелге асырылып атырғанлығының айқын мысалы.
Ең тийкарғысы, мәмлекетимизде барлық тараўларда жүргизилип атырған реформаларда, Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы халықтың турмыс абаданлығын асырыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстанның табысы – пүткил Ɵзбекстанның табысы, Қарақалпақстанның тәшўиши – пүткил Ɵзбекстан тәшўиши» деп айтқан сөзин, қарақалпақ халқына болған шексиз ҳүрмет ҳәм исеними, сыпатында қабыл етиўимиз керек.
Усылар менен қатар, «Бизиң ийгиликли мақсетимиз – биргеликтеги мийнетимиз бенен Жаңа Ɵзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған, абат ҳәм абадан Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады.
Әсирлер даўамында ет пенен тырнақ сыяқлы бир болып кеткен халықларымыздың дослығына, ҳеш қандай күш тәсир ете алмайды.
Себеби, бизиң өтмишимиз бир, бүгинимиз де, келешегимиз де бир!» деген кең мәнидеги бийбаҳа пикирлер, елимиздиң ҳәр бир азаматының, елимиз ийгилиги жолындағы пидәкерли ислеринде күш-ғайрат бағышлап, жәнеде беккем аўызбиршилик пенен мийнет етиўге ийтермелейди.
Мәмлекетимизде ҳәр жылы Президентимиз Мүрәжаты тийкарында, келеси жылға атама бериў мәселеси өз сәўлелениўин таўып келмекте.
Мине усы тийкарда 2023-жыл елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў” жылы деп жәрияланды.
Мәмлекеттиң тийкарғы байлығы есапланған инсанға итибар, сол мәмлекеттиң ертеңги жарқын келешегинен дәрек береди.
Мәмлекет итибарын терең сезинген ҳәр бир инсан, оның келешегине бийпарық болыўы мүмкин емес.
Ҳар қандай раўажланыўдың түп-тийкары сапалы билимлендириўге барып тақалатуғынлығы, дүнья тәжирийбесинен жақсы мәлим.
Соның ушында мәмлекетимиз басшысы өз Мүрәжатында “Билимлендириў сапасын арттырыў – Жаңа Ɵзбекстан раўажланыўының бирден бир дурыс жолы болып табылады!”деп айрықша келтирип өтти.
Демек, мектеп мүғәллимлери, пүткил зыялы қатлам, ҳәр бир ата-ана алдында үлкен ўазыйпа, яғный, перзентлеримизге миллий өзлигимизден келип шығып, жәҳәнниң раўажланған еллери стандартлары тийкарында билим бериў ўазыйпасы турыпты.
Информация технологиялары раўажланған, дүньяда түрли қарама-қарсылықлар ҳәўиж алып атырған бир мәўритте, мүғаллим ҳәм ата-ана қолды-қолға берип, бирин-бири қоллап-қуўатласа, биз алдымызға қойған жоқарыдағы ийгиликли мәқсетлеримизге әлбетте ерисемиз.
Мәмлекетимиз басшысының «Биринши гезекте, итибарды Жаңа Ɵзбекстан ушын ең үлкен инвестиция болған билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратамыз» деп атап өтиўи, тараўда нәтийжеге бағдарланған реформалар әмелге асыўынан дәрек береди.
Мектеплерде билимлендириў сапасы ҳәм жәмийетте оқытыўшы кәсибиниң абырайын арттырыў, шараятларын жақсылаў мәселесиниң 2023-жылдағы ең тийкарғы ўазыйпалар қатарына қойылыўы, муғаллимлердиң статусын, олардың абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаўды Конституцияда айрықша белгилеў зәрүрлигиниң атап өтилиўи, ҳар бир оқытыўшы қәлбине қуўаныш сезимлерин алып кириў менен бирге, айрықша жуўапкершилик туйғысын оятыўы тийис.
Ҳәр жыл сайын халқымыз санының артыўы, жаңа әўладлардың қатарымызға қосылып атырғаны, билимлендириў тараўы ушын, жаңа имканиятларды кеңейтиў ўазыйпасын қояды.
Усыларды есапқа алып, келеси жылы 70 жаңа мектеп қурыў, 460 мектепти кеңейтиў, сондай-ақ, жеке инсвестициялар қатнасында 100 мектеп қурыў жойбарларын баслаў, кейинги бес жылда олардың санын мыңға жеткериў мәқсетлери атап өтилди.
Мектеп питкериўшилерин кәсипке бағдарлаў, оларға заманагөй кәсип сырларын үйретиў, перзентлеримиздиң келешекте өмирден өз жолын таўып кетиўинде үлкен әҳмийетке ийе.
Сонлықтанда, Президентимиз мектеп питкериўшилериниң 50 проценти мийнет базарына ҳеш қандай кәсипке ийе болмастан кирип киятырғаны ҳәммемизди ойландырыўы керек деген мәселени ортаға таслап, оның шешими бойынша анық ўазыйпалар белгиледи.
Яғный, 700 ден артық кәсип-өнер мектеби, коллеж ҳәм техникумлар имканиятынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтип, 2023-жылдан жаңа бағдарлама әмелге асырылып, ҳәр бир ўәлаятта бир-бирден техникумда Европа кәсиплик билимлендириў стандартлары енгизилетуғынлығын, ал келеси бес жылда барлық коллеж ҳәм техникумлар усы система менен қамтып алынатуғынлығын билдирди.
Жасларымызға Европа кәсиплик билимлендириў стандартлары тийкарында кәсип-өнер үйретиў, нәтийжели жумыс орны, шаңарақлар пәраўанлығы, мәмлекет экономикасының жоқарылаўына хызмет етеди.
Билимлендириўдиң таяныш басқышы есапланған мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыў мәселесинеде айрықша итибар қаратылып, соңғы бес жылда балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтыўды 80 процентке жеткериў, бақшалар санын көбейтиў, олардағы билимлендириў ҳәм тәрбия сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша бес жыллық бағдарлама қабыл етиў, бақша қамтыўын кеңейтиў мақсетинде жеке секторға қосымша шараятлар жаратыў сыяқлы ўазыйпалардың белгилениўи, келешек әўлад ушын көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлық есапланады.
Биз мәмлекетимиз раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе болған, терең мазмунға бай, мәмлекетимиздиң дерлик барлық тараўларын раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды өз ишине қамтыған бул Мүрәжатта билимлендириў тараўы бойынша белгиленген ўазыйпаларға қысқаша тоқтап өттик.
Мүрәжатты толық үйрениў, онда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетиў, елимиздиң ҳәр бир пуқарасының әдиўли ўазыйпасы болыўы тийис.
Раўаж Отарбаев,
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы
Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары,
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги