Мойнақ районындағы Жайҳун мәкан пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисовтың қатнасыўында семинар өткерилди.
Онда усы мәкан пуқаралар жыйынындағы жуўапкер хызметкерлердиң есабаты тыңланды.
Мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалар ҳәр бир пуқараға, ҳәр бир шаңараққа жетип барыўы керек. Қалай еткенде пуқаралар менен тығыз байланыста бола аламыз? Бунда нелерге итибар қаратыў керек?
Семинарда қатнасқан пуқаралар жыйынларының хызметкерлери, комиссия ағзалары ҳәм депутатлар усы мәселелер бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
– Мәҳәллемизде 2 мың 800 ге шамалас адам аўызбиршиликли түрде жасамақта,-дейди усы пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Айдаралий Сахиев. – Аймақтағы хожалықлар толық хатлаўдан өткерилип, дәраматы аз, бирақ дәрамат табыўға ҳәрекет етип атырған, турақлы дәраматқа ийе, қосымша дәрамат табыўды қәлеўши, социаллық қорағаўға мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы бар, экономикалық жағдайы жақсы хожалықларға ажыратып алынды.
Жәми 93 пуқараға 1 миллиард 830 миллион сумлық кредитлер ажыратылды.
Бүгинги күнге шекем кредит қаржылары есабынан 14 пуқараға шарўашылық, 17 пуқараға таўық бағыўы, 6 пуқараға тигиўшилик пенен шуғылланыўы, 8 пуқараға технология, әсбап-үскенелер сатып алыўы, 3 пуқараға азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы үскенелер алыўы, 1 пуқараға қоян бағыў менен шуғылланыўы, 38 пуқараға халыққа хызмет көрсетиўди, 2 пуқараға басқа да бағдарларда исбилерменлигин жолға қойыўы ушын кредитлер ажыратылды. Cондай-ақ, халықтың мүрәжатларынан келип шығып басқа да бир қатар илажлар әмелге асырылып, мәҳәлледе 5 жаңа жойбар иске түсирилип, 18 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.
Илажда ҳәкимлик, медицина, билимлендириў тараўлары ҳәм халыққа хызмет көрсетиўши мәкеме, кәрханалардың алып барып атырған жумыслары бойынша ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халық алдында есап бериўин, жуўапкерлигин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги