Усы жыл 16-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы менен Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы кодексине де бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы суды мәжилислер залында тийисли тараў қәнигелери, район (қала)лық ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында видеоконференцбайланыс тәризинде семинар өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов, судьялар А.Аметов, Ж.Уразбаев, Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығы подполковник Р.Ешимбетов, Реабилитация орайының баслығы полковник Б.Кенжаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жоқарыда атап өтилген нызамның әҳмийетине тоқтап өтип, ондағы қосымша ҳәм өзгерислер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыў бойынша ис жүргизиў тәртиби киргизилди.
Нызам менен ҳәкимшилик суды ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайларына жайластырыў ҳаққындағы илтимаснамаларды көрип шығыўға байланыслы нормаларды Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өткериў ҳәм тийисли ислерди көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район (қала)лық судларға өткериў белгиленди.
Турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахстың реабилитация орайына жайластырылыўын талап етиўши тийкарлар анықланғанда, ишки ислер уйымы бундай шахс ишки ислер уйымына алып келиингеннен баслап 48 саатта оны реабилитация орайына 30 суткадан көп болмаған мүддетке жайластырыў ҳаққында судқа илтимаснама жибериў ушын материалларды таярлаўы шәрт.
Турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыў бойынша топланған материаллар усындай шахс анықланған жердеги ямаса реабилитация орайы жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша район (қала)лық судына ишки ислер уйымы тәрепинен бериледи.
Илтимаснама усыныс етилгеннен баслап 24 саат ишинде судья тәрепинен жабық суд мәжилисинде жеке тәртипте көрип шығылады.
Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги