– 2023-жылы таяр өнимлер экспортын қосымша 4 миллиард долларға арттырыў тийкарғы мақсетимиз болады. Быйыл басланған «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасы өзиниң нәтийжесин бермекте.

Бир жылдың өзинде 2 мыңға шамалас исбилерменлер биринши мәрте сыртқы базарларға шықты. Келеси жылы да экспорт етиўшилерге транспорт ҳам басқа да қәрежетлерин компенсациялаў даўам еттириледи.

Европа базарларына текстиль, электротехника, былғары-аяқ кийим ҳәм басқа да таяр өнимлер экспортын кеминде 2 есеге арттырамыз. Өнимлер экспорты бойынша ҳәзирги 9 басқышлы бажыхана рәсмийлестириўи 3 есеге қысқарады.

Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша тийкарғы сөйлесиўлерди жуўмақлап, ишки нызамшылықты бейимлестириў, жаңа стандартларды енгизиў жумысларын жеделлестиремиз.

Улыўма, 2023-жылы экспорттың көлеми тарийхымызда биринши мәрте 23 миллиард доллардан артады,-Шавкат Мирзиёев.

ӨзА