-Көплеген экономистлер энергетика тараўында еркин базарға өтиўди усыныс етпекте. Бул-дурыс жол. Мен де буны қәлеймен.

Бирақ, халқымыздың жан басына дәраматы, социаллық қорғалыўын ойлап, бул тараўдағы реформаларды асықпастан, басқышпа-басқыш ислеўимиз керек.

Ең әҳмийетли мәселе – энергияның ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў. Тилекке қарсы, экономикамызда энергия жумсалыўы басқа мәмлекетлерден 2 есе жоқары.

Соның ушын, энергия нәтийжелилигин арттырыў Миллий бағдарламасын қабыл етемиз. Энергетика тараўында еркин базарға өтиўимиз шәрт. Егер еркин базарға өтпесек, бизге инвестор келмейди,-деди Президент.

ӨзА