– Усы мақсетлерге 2 миллиард доллар муғдарында инвестиция тартылады.
Оның есабынан, олардың 60 процент электр ҳәм газ пайдаланылыўы «жасыл энергия»ға өткериледи.
Хожалықларда болса, қуяш панелин орнатыўға ажыратылатуғын субсидиялар көлеми 2 есеге көбейтиледи.
Газ резервлерин көбейтиў мақсетинде, геологиялық излеў жумыслары бойынша он жыллық бағдарлама қабыл етемиз.
Онда, жаңа технологияларды енгизип, биринши мәрте терең қатламларда (6 километрден көп) газ қазып шығарыў жумысларын баслаймыз.
Ҳеш қашан 6 километрден төменге түспегенбиз. Енди түсип атырмыз, имканият үлкен, газ бар. Бирақ, оны қазып алыў қымбат. Соның ишинде, Үстирттиң жоқары имканиятқа ийе терең қатламларында излеў жумысларына абырайлы сырт ел инвесторлары тартылады.
Газ қазып шығарыўға алдын берилген барлық лицензиялар қайтадан көрип шығылады, нәтийжесиз ислеп атырған кәрханалар бойынша тийисли илажлар көриледи,-Шавкат Мирзиёев.
ӨзА