– Металлургия тараўында әмелге асырылып атырған үлкен бағдарламаларымыз, бес жылдан кейин мысты 3 есеге (500 мың тонна), алтынды болса, жылына 150 тоннаға шекем арттырыў имканиятын береди.

Химия, автомобиль қурылысы ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысында да үлкен жойбарлар иске қосылады.

Соның менен бирге, жедел инвестициялар тартыўда меншиклестириў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилик имканиятларынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүр.

Келеси жылы меншиклестириўди баслаймыз, мыңға шамалас кәрханалар саўдаға шығарылады,-деди Президент.

ӨзА