– Мениң үлкен нийетим – ўатанласларымыз арасында жүз мыңлап мүлк ийелери, акционерлер пайда болсын. Адамларымыз өз аманатларын инвестиция етип, жоқары дәраматларға ийе болсын.

Соның ушын тапсырма бердим. Кейинги жылы ең ири 10 компания ҳәм коммерциялық банклеримиздиң акциялары өз халқымыз ушын ашық-айдын саўдаға шығарылады. Бул ҳақыйқый халық «IPO»сы болыўына исенемен.

Бул бағдарда бурын да айтқан гәпимди тәкирарлаўды орынлы деп билемен: халық бай болса, мәмлекет де бай ҳәм қүдиретли болады,-Ш.Мирзиёев.

ӨзА