Президент Шавкат Мирзиёев жанында усы жылы күтилип атырған ҳәм 2023-жылға мөлшерленген макроэкономикалық прогнозлар додаланды.
Дүньядағы қурамалы жағдайға қарамастан, усы жылы мәмлекетимиздиң экономикасы 5,5 процентке өсиўи, экспорт 13 проценттен көбирек артып, 19 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Мәмлекет сиясатында халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў мақсети тийкар болып қалмақта.
Соның ишинде, 2022-жылы мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, халықты узақ жыллар қыйнап келген мәселелерди шешиўге бюджеттен 8 триллион сум қаратылды. «Басламалы бюджет» шеңберинде 8 миллионға шамалас халықтың усынысларынан келип шығып, мәҳәллелердеги жойбарларға 2,5 триллион сум ажыратылды. Онда аймақлардың қосымша экономикалық имканиятларынан қәлиплескен 16,5 триллион сум да аймақлар инфраструктурасын жақсылаўға қаратылды.
2023-жылы мәмлекетимиз жалпы ишки өним көлеми кеминде 5,3 процентке өсиўи болжанбақта. Дүньяда сақланып қалып атырған қурамалы жағдайда келеси жылы да тийкарғы мақсет елимизде макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, инфляцияның кескин артып кетиўиниң алдын алыўға қаратылады.
Мәжилисте экономика тармақлары ҳәм аймақларды раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың турмыс тәризин және де жақсылаў илажлары белгилеп берилди.
Атап айтқанда, келеси жылы санаатта 5,1 процент, аўыл хожалығында 3,5 процент, хызметлер тараўында 14,1 процентке өсиўге ерисиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, анықланған резервлер есабынан санаат өндириси көлемин қосымша 12 триллион сумға арттырыў имканияты көрсетип өтилди. Исбилерменликти раўажландырыўға 10 триллион сум ажыратылады. Экономикаға банклер есабынан 200 триллион сум кредит ҳәм халықаралық финанс шөлкемлеринен 500 миллион доллар узақ мүддетли ресурс тартылады.
Келеси жылы тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлерин 19 процентке арттырып дерлик 10 миллиард долларға жеткериў сондай-ақ, 8 миллиард долларлық жаңа ири жойбарларды баслаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Сондай-ақ, келеси жылы аймақларда дерлик 8 миллиард долларлық 300 ге шамалас ири жойбар иске қосылады. Бул, өз гезегинде, аймақлық санаатты 11 процентке арттырыўға имканият береди.
Мәжилисте 2023-жылы 18-миллиард долларлық тармақ ҳәм аймақлар экспортының режеси де таныстырылды. Соның ишинде, аймақлық экспортты 60 процентке арттырып, дерлик 10 миллиард долларға жеткериў режелестирилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы электр техникасы, тоқымашылық, қурылыс материаллары, былғары санааты, аўыл хожалығы ҳәм фармацевтика сыяқлы тараўлар экспортын кеминде 50-60 процентке арттырыў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА