Президентимиз тәрепинен халық ийгилиги жолында белгилеп берилген «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында реформалар даўам етпекте. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўы менен Қоңырат районындағы ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Мақсет халықты жыллар даўамында қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў болып табылады..

Райондағы Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жәми 34 көшеде 24,9 километр ишки хожалық топырақ жолы бар болып, жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев аймақ турғынлары, нуранийлар ҳәм тараў басшылары менен болып өткен ушырасыўда Қоңырат районында басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде район орайы ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў ушын Қараөзек районы аймағынан арнаўлы қум-тас араласпасы каръери ажыратып берилгенлигин ҳәм бул бойынша жумыслар имканият дәрежесинде кең қамтыўлы даўам еттирилип, районда бирде-бир оңланбаған жол қалмайтуғынлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, аймақта басланған абаданластырыў жумысларынан соң, 18,8 километрине қум-щебень араласпасы төселип, 4 километрге шамаласы асфальтбетон, 2,2 километри цементбетон қапламалы жолларға айландырылады.








Соның менен бирге, 12,8 километр газ, 3,8 километр ишимлик суў тармағы тартылып, 9 трансформатор пункти қайта оңланады 462 электр бағанасы жаңасына алмастырылады, 250 дана түнги жақтыландырыўшы шырақлар орнатылып, 4 километр оптикалық интернет ҳәм байланыс тармағы жаңадан тартылады.

Буннан тысқары, шараяты аўыр 9 шаңарақты материаллық қоллап-қуўатлаў, 26 турақ жайдың шиферин бастырып, ыссылық системасын жақсылаў, майыплығы болған 110 пуқара ҳәм медициналық жәрдемге мүтәж 921 пуқараны медициналық тексериўден өткериў, социаллық дәптерлерге киргизилген 10 шаңарақ ҳәм 13 пуқараға материаллық жәрдем көрсетиў режелестирилген. Сондай-ақ, 51-санлы мектепке спорт зал, 32-санлы мектеп ҳәм 31-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қосымша имарат қурыў, аймақта шаңарақлық поликлиника имаратын қурып бериў машқалаларының басқышпа-басқыш шешимин табыўы белгиленген.

Әлбетте, бул басламаның тийкарғы мақсети халықтың бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў болып табылады. Бул бағдардағы ийгиликли ислер даўам етпекте.


Қарақалпақтан хабар агентлиги