Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлиминде улыўма билим бериў мектеплеринде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине қысқы кийим-кеншеклер тапсырыў илажы болып өтти.

Онда  район ҳәкими Султанбай Йўлдашев, секторлардың ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлиминиң басшылары қатнасып, Президентимиздиң басшылығында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм камбағаллықты сапластырыў бағдарында алып барылып атырған  кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап айтқанда, “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алынып, оларға зәрүр болған үй-руўзыгершилик буйымлары, кийим-кеншеклер ҳәм азық-аўқат затлары берилмекте. Районда кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлар перзентлериниң сапалы ҳәм системалы билим алыўына әмелий жәрдем көрсетиў, материаллық жақтан қыйналып атырған шаңарақлардың перзентлерин  қысқы кийим-кеншеклер менен тәмийинлеў бағдарында бир қатар қайырқомлық илажлары әмелге асырылмақта.

Илаж соңында кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 95 перзентине “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фондының қаржысы есабынан қысқы кийим-кеншеклер тапсырылды. Өз гезегинде балалар ҳәм олардың ата-аналары жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетип атырған айрықша ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.


Қарақалпақтан хабар агентлиги