Өзбекстан Каспий теңизи ҳәм Қара теңиз арқалы Европаға жүк жеткериўди баслады.
Мыс концентраты болған биринши поезд улыўма узынлығы 4000 км.дан артық болған жөнелисти қамтып алады.
Контейнер поезди «Өзбекстан – Түркменстан-Әзербайжан-Грузия-Болгария-Европа» жөнелиси бойлап ҳәрекетленеди, оның улыўма узынлығы 4000 км дан артады.
Еслетип өтемиз, усы жылдың 28-октябринде Европа кеңесиниң басшысы Шарль Мишельдиң Өзбекстанға сапары шеңберинде өткерилген ушырасыўда Мирзиёев ҳәм Мишель Транскаспий коридоры арқалы саўданы көбейтиўге келисип алған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги