Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-декабрь күни аймақларда энергия тәмийнатын жақсылаў, халықтың бәнтлигин арттырыў мәселелери бойынша видеослектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын, соңғы күнлери бақланған энергия тәмийнатындағы машқалаларға тоқтап өтти. Кейинги алты жылда 5 мың мегаваттан артық жаңа электр қуўатлылығы жаратылғаны атап өтилди. Салыстырыў ушын: алдынғы 25 жылда 3,5 мың мегаватт қуўатлықлар иске қосылған.

Сондай-ақ, 45 мың километр электр тармағы ҳәм 13 мыңнан артық трансформатор жаңаланған. Бул да алдынғы жылларға қарағанда 3-4 есеге көп. Суйылттырылған газ ҳәм көмир ислеп шығарыў көлеми болса 1,5 есеге артқан.

Бирақ, бир ҳәпте болған суўықта энергетика тараўының жуўапкерлери, ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары төменги системада жумысты шөлкемлестирмегени көринип қалды. Халық сондай қыйналған жағдайда да электр ҳәм тәбийғый газ тармақларында урлықлар болып атырғаны кескин сынға алынды.

Мәжилисте бундай кемшиликлерге жол қойған жуўапкерлерге интизамлық илажлар көрилди.

– Энергия тәмийнатындағы ҳәзирги жағдай тармақ ҳәм аймақ басшылары ушын үлкен сабақ болыўы керек. Тараў кәрханалары системалы ислеўи керек. Ҳеш бир мәҳәлледе адамлар наразы болмаўы зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бас министрдиң биринши орынбасары басшылығында энергетика системасының басшылары еки ай айрықша тәртипте ислеўи белгиленди. Ўәлаят ҳәкимлерине ыссылық тәмийнаты кәрханаларына барып, халыққа хызмет сапасын жақсылаў, энергия жумсалыўы ҳәм шығынларды азайтыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, жылдың басынан берли исбилерменлик, өндирис, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларда 2 миллион халықтың турақлы бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 4 миллионнан аслам халық мәўсимлик мийнет арқалы дәраматлы болды.

Аймақларда кәрханалар 85 мыңға көбейип, олардың саны 550 мыңға жетти. Оның есабынан, 2022-жылы дәрамат салығы төлеп атырған рәсмий бәнт болғанлар саны 400 мыңға көбейип, 5 миллион 100 мыңды қурады.

Санаат тараўында 3 мың 500 жойбар орынланып, 160 мың турақлы жумыс орны жаратылды. Мәҳәллелердеги 35 мың киши жойбар шеңберинде 175 мың, қурылыс тараўында 135 мың адам дәрамат дәрегине ийе болды.

79 жумыс түри бойынша өзин-өзи бәнт етиў имканияты жаратылғаны нәтийжесинде быйыл 914 мың пуқара дизимнен өтти. Олардың саны 2 миллионға шамаласты.

Мәжилисте тараўдағы кемшиликлер де талланды. Атап айтқанда, быйыл турақлы түрде бәнтлер саны Китаб, Косон, Мырзабад, Нарпай, Нишан, Фурқат районларында азайған. Жеке меншик секторда жумыс алып барып атырған 232 мың кәрханада жумысшылар саны тек ғана биреўди қурайды. Санаат өндириси көлеми 15 районда төменлеген. Халыққа тарқатыў ушын белгиленген 100 мың гектар жердиң 4 мың гектарында егин егилмеген.

Булардан келип шығып, ҳәкимлерге бир қатар тапсырмалар берилди.

Келеси жылғы ўазыйпалар додаланып, мәмлекетимиз басшысы төрт тийкарғы бағдарды көрсетип өтти.

Биринши бағдар – пахта ҳәм ғәлледен босаған 100 мың гектарды халыққа бөлип бериў. Бул арқалы 600 мың халықты турақлы жумыс ҳәм 900 мың адамды мәўсимлик дәрамат пенен тәмийинлеў мүмкин.

Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, таңлап алыў ҳәм қайта ислеў бойынша 600 ден аслам жойбар әмелге асырылады. Халықаралық финанс шөлкемлеринен тартылатуғын 400 миллион доллар да көбирек жумыс орнын жарататуғын жойбарларға қаратылады.

Пилле жетистириўшилердиң мәпдарлығын арттырыў мақсетинде бул тараў да еркинлестириледи. Енди пилле халықтан жәҳән биржаларынан аз болмаған баҳада сатып алынады. Бул кеминде 500 мың халықты бәнт етип, дәраматын 2-3 есеге арттырыў имканиятын береди.

Екинши бағдар – исбилерменликти раўажландырыў. Оның ушын жумыссызлық көп болған мың мәҳәлле ушын микро-орайлар шөлкемлестириледи. Аймақлардағы 255 орайлық ҳәм 274 мәҳәллелер аралық көшелер саўда-хызмет көшелерине айландырылады. Автомобиль жолларының бойында 3 мыңнан артық жер майданларын аукционға шығарыў да сервис тараўында жаңа жумыс орынлары ушын үлкен имканият болады.

Соның ушын исбилерменлик ушын бос жерлер ҳәм объектлерди саўдаға шығарыў бойынша тапсырма берилди.

Үшинши бағдарда санаат тараўындағы имканиятлар көрсетип өтилди. Атап айтқанда, 8 миллиард долларлық 300 ири жойбар, санаат зоналарында 16 триллион сумлық 1 мың 300 жойбар нәтийжесинде жоқары дәраматлы жумыс орынлары пайда болады. 536 рудалық емес кән аукцион арқалы сатылып, қурылыс материаллары тараўында жаңа кәрханалар иске қосылады.

Улыўма, инвестициялық жойбарлар ҳәм жергиликли санаатта жәми 320 мың турақлы жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Төртинши бағдар – қурылыс тараўы. Келеси жылы барлық жойбарлар шеңберинде 90 мың хожалықлы турақ жайлар қурылыўы мөлшерленген. Президент қурылыс тараўында жумысқа қабыл етиў бойынша мийнет шәртнамаларын әпиўайыластырыў зәрүр екенлигин айтты. Бул рәсмий емес сектордағы жумысшылардың нызамлы жумысқа өтиўине жол ашады.

Мәжилистиң жуўмағында Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА