Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында «Ҳәр бир бала Жаңа Өзбекстан итибарында», «Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман» атамаларында қайыр-сақаўат концерт бағдарламасы өткерилди.
Онда Нөкис қалалық 4-санлы, 10-санлы мектеп-интернатларының, 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары, майыплығы болған студент-жаслар тәрепинен таярланған қосықлар, аяқ ойынлар атқарылды.
–Биз имканияты шекленген жасларға көп жәрдемлер берилип, шараятлар жаратылмақта. Бизлерге қаратылып атырған бундай итибардан қуўанышлымыз, -дейди Дамир Жаңабаев. –Бүгин имканияты шекленген жаслар биргелесип, өзлеримиздиң арнаўлы концертимизди халқымызға усынып атырмыз. Алдағы ўақытлары буның менен шекленип қалмастан, халқымыздың жақсы күнлеринде хызмет етип, басқа да басламаларды әмелге асырмақшымыз.
Концерт даўамында имканияты шекленген балалар Б.Разымбетов ҳәм басқа да халқымыздың сүйикли көркем өнер ғайраткерлери менен бирге қосық айтып, «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли ҳәм университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамблиниң ойыншылары менен аяқ ойынларын атқарды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги