«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 2-статьясына тийкарланып, мәмлекетлик пенсиялардың 3, яғный:
– Жасқа байланыслы пенсия;
– Майыплық пенсия;
– Бағыўшысын жойытқанлық пенсия түрлери бар.
Нызамның 4-статьясына муўапық, мәмлекетлик пенсиялардың ҳәр қыйлы түрлерин алыў ҳуқықына ийе болған пуқараларға олардың өзлери таңлаған бир пенсия тайынланады.
Сондай-ақ, Нызамның 37-статьясы «э» бәнтине бола, жоқары билимлендириў мәкемелеринде, аспирантурада, стажёр-изертлеўши-излениўшилер институтында, үлкен илимий хызметкер-излениўшилер институтында, таяныш докторантурада, докторантурада ҳәм клиникалық ординатурада күндизги оқыў, соның ишинде, сырт елде оқыў дәўири жумыс стажына қосып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги