Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикамыздағы қала ҳәм районлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, аймақта әмелге асырылатуғын жумысларды қадағалаў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў бойынша дүзилген жумысшы топар тәрепинен «Меҳир ҳәрекети» даўам етпекте.
Усындай қайырқомлық илажға Бозатаў районындағы Бозатаў посёлкалық ҳәм Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйынларындағы социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм бағыўшысынан айрылған шаңарақлар қамтып алынды. Усы күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўатдинов ҳәм тийисли мәкеме, кәрхана ўәкиллери аймақтағы шаңарақлардың жағдайын үйренди ҳәм олардың қыс мәўсиминен қыйыншылықсыз шығыўы ушын жәрдем көрсетти. Шаңарақларға ыссы кийим-кеншеклер ҳәм азық-аўқатлық өнимлери берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги