Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өткен жылдың 14-15-декабрь күнлери республикамызға сапары ўақтында барлық тараўлар сыяқлы қусшылықты раўажландырыў бойынша анық көрсетпелер берген еди Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 2018-2019 жылларда республикамыздағы таўықлардың бас санын, оннан алынатуғын өнимлерди көбейтиў бағдарында 34 жойбарды әмелге асырыў бойынша анық реже ислеп шығылды. Жети ғәзийнениң бири есапланған қусшылық тараўында Елликқаладағы Мамматшарип Қурбанов басшылық етип киятырған «Нуруммат Қурбанов» фермер хожалығының ағзалары тек районда емес, ал республикамызда айтарлықтай табысларды қолға киргизип келмекте. Сонлықтан олардың ис тәжирийбеси республикамызда кең ен жайдырылып келинбекте.

2009-жылы шөлкемлестирилген хожалықта бүгинги күни 34,5 мыңнан зыят таўық күтимли бағылмақта. Соның есабынан 20 адам, көпшилиги кәсип-өнер колледжлерин питкерген жаслар турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Фермер хожалығында ҳәр жылы 600 мың бас шөже, 4,2-4,5 миллион дана мәйек, 60 тонна таўық гөши  жетистириледи. Усының нәтийжесинде соңғы үш жыллықтағы улыўма дәрамады 4,5 миллиард сумды, сап пайда болса 235 миллион сумды қураған. Соннан ҳәр жылы 10 миллион сумды қәўендерлик ислерине сарыплап келмекте. Жумысшыларға ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларға 4 мың бас шөже, 20 мың дана мәйек тарқатып берилди.

Хожалықта 6 гектар майдандағы бийдайдан, 9 гектардағы мәккеден, 3 гектар майдандағы жоңышқадан, 7,4 гектардағы айғабағардан ҳәм басқа да дәнли егинлерден жоқары зүрәәт алынып, соның есабынан жем таярланбақта.

Хожалық есабында жәми 7 түрли маркадағы техника болып, ҳәр жылы алынған дәрамат есабынан жаңалары сатып алынбақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары бир дана МХ1,8 ПТМ,  еки дана МТЗ-80, бир дана ISUZU, бир дана ГАЗ-53 жүк автомашинасы, еки дана тиркеме ҳәм басқа да аўыл хожалығы техникалары менен агрегатлары сатып алынды.

-Елимизде қусшылықты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм имканияттан пайдаланған ҳалда жақын күнлерде саатына алты тонна жем ислеп шығарыў қуўатына ийе цехты иске түсириў режелестирип атырмыз,-дейди фермер хожалығының баслығы Мамматшарип Қурбанов.-«Өзсанаатқурылысбанк» тен 170 мың АҚШ муғдарында кредит алып, Түркия мәмлекетинен заманагөй үскенелер алып келип орнатылады. Жаңа цех иске түскеннен кейин тек өзимиз ғана емес, ал, республикамыздағы қусшылық ҳәм балықшылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықлары да шәртнама тийкарында жем менен тәмийинленеди. Соның менен бирге, бес жаңа жумыс орны жаратылады.

Истиң көзин билсек, қайсы бир тараў болса да пайдалы. Буны қусшылық тараўында жылдан-жылға жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған «Нуруммат Қурбанов» фермер хожалығының мысалынан айқын көриўимизге болады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы