15-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили алым, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Қурбанбай Жәримбетовтың 70 жыллық юбилейине бағышланған «Кең ҳәм терең пикирли алым» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

 

Илажға институттың профессор-оқытыўшылары, студент жаслары ҳәм Қ.Жәримбетов пенен бирге ислескен заманласлары, шәкиртлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

-Бүгинги қарақалпақ әдебияттаныў илими ҳаққында гәп барғанда оның ең алдыңғы қатарында мийнет етип атырғанлардың бири сыпатында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ әдебияты кафедрасы профессоры Қурбанбай Жәримбетов тилге алынады. Илимпаз дерлик 40 жылдай ўақыттан берли қарақалпақ әдебияттаныў илимине хызмет етип келмекте,-дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, профессор Қ.Оразымбетов.

Қ.Жәримбетов диапазоны кең илимпаз. Илимий изертлеўлериниң тематикасы көп тармақлы, проблемалы. Ол қарақалпақ фольклоры, жазба әдебияттың толық тарийхы, өзбек, қазақ, түркмен, рус, татар әдебиятлары ҳаққында изертлеўлер жүргизди. Қарақалпақ халқының дүнья әдебиятының дүрданалары менен байланыста изертледи.

Ол XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық өзгешеликлерин, жанр теориясының тийкарын ашып берди.

Илимпаздың қарақалпақ әдебияты мәселелери бойынша бүгинги күнге шекем 100 аслам илимий мақалалары, илимий очерк ҳәм монографиялары жәрияланған. Оның әдебий сын ҳаққындағы мақалалары миллий әдебиятымыздың көркемлик жақтан жетилисиўине, жәмийетте көркем-эстетикалық көзқарасларың раўажланыўына салмақлы үлес қосып келмекте.

Ол «устаз-шәкирт» дәстүрин даўам еттирген устаз. Оның илимий басшылығында 6 кандидатлық, 2 докторлық диссертациялар жақланды. Оның елимизге билимли, илимли кадрларды таярлап бергенине де минекей, ярым әсирге шамалас ўақыт болмақта.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы