Президент Шавкат Мирзиёев 13-декабрь күни «Ташшаҳартрансхизмат» акционерлик жәмийети системасындағы 18-автобус сарайында болды.

Жәмийетлик транспорт системасының раўажланғаны қала турмысының ең әҳмийетли тәреплеринен бири. Бирақ, Ташкент қаласында бул тараў ҳәзирги өзгерислерден артта қалмақта. Атап айтқанда, кейинги жыллары көплеген турақ жайлар қурылды, халықтың саны артты, қала аймағы да кеңейди. Пайтахтымызда күнине 1 миллион 300 мың жолаўшы жәмийетлик транспорттан пайдаланбақта.


Бул талапқа жуўап бериў ушын «Ташшаҳартрансхизмат» системасында автобуслар жетиспей атыр. Барларының да көбиси гөнерген. Сол себепли жөнелислерге режеге қарағанда 90-100 автобус аз шықпақта. Көшелерде жәмийетлик транспорт үстинлиги жолға қойылмаған. Булардың ақыбетинде жолаўшылар автобусларды 20-30 минутқа шекем күтиўине туўра келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул жағдайды кескин сынға алып, әсиресе, ҳәзиргидей суўық күнлерде оған улыўма жол қойып болмайтуғынын атап өтти. Соның ушын күшейтилген тәртипте ислеп, ең аўыр жөнелислерге қысқа мүддетте қосымша автобуслар қойыў бойынша тапсырма берди.


Оның ушын жеке меншик кәрханалар автобуслары да тартылады. Оларға қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия бериледи. Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери автобуслар қатнаўына қосымша қолайлықлар жаратады.

Қатнаўлардың тезлигин ҳәм хызмет сапасын тәмийинлеў, айдаўшылардың айлық мийнет ҳақыларын арттырыў бойынша да көрсетпе берилди.


Бул жерде Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў мәселелери бойынша презентация өткерилди. Атап өтилгениндей, быйыл 277 автобус ҳәм электробус сатып алынып, қатнаўға жол қойылды. Автобуслар ҳәрекети ҳәм төлемлер системасы санластырылды.

Ҳәзирги күнде «Ташшаҳартрансхизмат» системасында 142 жөнелис бар. Жолаўшылар ағымының көбейиў прогнозынан келип шығып, жәмийетлик транспорттың 167 жөнелисинен ибарат жаңа тармағы қәлиплестирилген. Бул жөнелислерди оңлаў ҳәм Ташкент қаласында жәмийетлик транспортқа болған талапты толық қанаатландырыў ушын және 1000 үлкен сыйымлылықтағы автобус зәрүр. Бул арқалы автобуслардың аралық интервалын 7-10 минутқа шекем қысқартыў мүмкин.

Президент автобус сарайындағы транспортларды көзден өткерди. Бул кәрхана 22 жөнелис бойынша күнине 74 мың жолаўшыға хызмет көрсетпекте.







ӨзА