Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жыл февраль айында аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде республикамызға сапары даўамында Инсан қәдири принципи тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен ўазыйпалар белгиленген еди.
Президентимиздиң басламасы менен қаламыздағы Шымбай гүзары МПЖ аймағында алып барылған нәтийжели жумыслар үлгисинде 7 ең аўыр мәҳәллелер (Қоскөл, Қум аўыл, Бозаўыл, Қызыл қум, Қутлы мәкан, Телеорай, Жеке терек МПЖлар) таңлап алынып, ол жерлерде қурылыс-абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, водопровод ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы «Абат мәҳәлле»ге айландырыў мақсет етип алынды.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қаламызда шараяты аўыр болған қосымша 8 мәҳәлледе (Анасай, Әмиўдәрья, Жаңабазар, Жайҳун, Жолшылар, Узынкөл, Қумбыз аўыл, Жуўазшы) «Аўыр аймақ» бағдарламасы бойынша қурылыс-абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде «Жол карталары» ислеп шығылып, усы тийкарда қаламызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Қаламызда халықтың жасаў шараятын ҳәм турмыс тәризин жақсылаў, унамлы өзгерислер менен кейпиятын көтериў мақсетинде белгилеп алынған шараяты аўыр 7 мәҳәллениң инфраструктурасын раўажландырыў, тийкарынан ишки жолларды оңлаў ҳәм асфальтлаў, ишимлик суў, электр ҳәм газ тармақларын жаңадан тартыў, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў, пиядалар жолын қурыў, улыўма усы аймақлардың архитектуралық көринисин заманагөйлестириў ушын тийисли тараўлар менен биргеликте усы күнге шекем бир қатар жумыслар исленди.
– Шараяты аўыр аймақлардан таңлап алынған усы 7 мәҳәллеге жәми 75 миллиард сум қаржы ажыратылды,-дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Қабыл Айтбаев.
Соның ишинде, режеде белгиленген 52,6 километрлик ишимлик суў тәмийнаты ушын 13 миллиард 471,9 миллион сум қаржы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта 52,6 километрлик (97%) ишимлик суў тармақлары жаңадан тартылды. Усы қаржылардан үнемленген 3 миллиард 152 миллион сум қаржының есабынан, қосымша 8 мәҳәлледе (Анасай, Әмиўдәрья, Жаңа базар, Жайхун, Жолшылар, Узынкөл, Қумбыз аўыл, Жуўазшы МПЖлар) 12,9 километрлик ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнге шекем 12,2 километрлик ишимлик суў тармақлары тартылды.
Автомобиль жолларын қурыў ҳәм қайта оңлаў жумыслары бойынша режеде белгиленген 142,9 километрлик аралық ушын 38 миллиард 118 миллион сум қаржы ажыратылған болса, ҳәзирги ўақытта 115,3 километрлик ишки жолларға шағыл тас қум араласпасы, 12,9 километрлик (Қызыл қум, Телеорай, Қум аўыл, Қутлы мәкан МПЖлар) ишки автомобиль жолларына асфальт қапламасы төселди.
Ал, пиядалар жолы ушын режеде белгиленген 20 километрлик аралық ушын 3 миллиард 616,3 миллион сумлық қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта 16,4 километрлик аралыққа пиядалар жолы қурылды.
Сондай-ақ, режелестирилген 128,8 километрлик жолға түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў ушын 6 миллиард 303 миллион сумлық қаржы ажыратылып, усы күнге шекем 122,5 километр аралыққа түнги жақтыландырыў тармақлары тартылды.
Сондай-ақ, 117,3 километрлик электр тармақларын жаңадан тартыў режелестирилген еди. Ҳәзирги ўақытта 112,8 километр (96%) электр тармақлары жаңадан тартылды. Буған қосымша, белгиленген 2156 дана таяныш бағаналарынан 1817 данасы орнатылды ҳәм режеде белгиленген 22 дана трансформатордың барлығы орнатылды. Бул жумысларға жәми 7 миллиард 640 миллион сумлық қаржы жумсалды.
Буннан тысқары, 70,8 километрлик газ тармақларын жаңадан тартыў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылып, 10 дана газ бөлистириў пункти (ГРП) қайта оңланды. Газ тармақларын оңлаў жумысларына 2 миллиард 563 миллион cумлық 42,5 километрлик трубалар сатып алынды.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 4-ноябрь күнги қабыл етилген 949-санлы қарарларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасына 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарламалар шеңберинде 252 мәҳәллеге 293,7 миллиард сумлық қаржы ажыратылыўы белгиленген болса, соның ишинде, Нөкис қаласы аймағында 56 миллиард 582 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы режелестирилген. Соннан, быйылғы жыл ушын 112,5 миллион сумлық қаржы ажыратылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, қаламыздағы 64 мәкан пуқаралар жыйынынан 44 мәҳәлледе ишки жолларды оңлаў, пиядалар жолы, ишимлик суў ҳәм ақаба суў тәмийнаты, электр тармақларын жаңалаў ҳәм жаңадан трансформатор орнатыў, газ тармақларын қайта реконструкциялаў, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў, балалар ҳәм спорт майданшаларын қурыў белгилеп алынған. Соннан, қала аймағындағы 15 мәҳәлледе (Жаңа базар, Бес төбе, Қаратаў, Жипек жолы, Жолшылар, Қум аўыл, Шығыс, Шайырлар аўылы, Қос көл, Алмазар, Өрнек, Ватанпарвар, Сәрбиназ, Дослық, Қурылысшы МПЖ) 46,6 километрлик ишки жолларды оңлаў жумыслары ушын 40 миллиард 332 миллион сумлық қаржы ажыратылмақта.
Бүгинги күнде усы жумыслардың жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери таярланып, экспертиза жуўмақлары алынды ҳәм қурылыс кәрханаларын анықлаў ушын тендер таңлаўлары өткерилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги