Әдебият, көркем өнер, мәденият ҳәм спорт миллет таңламайды.  Пүткил дүнья жәмийетшилиги адамзат тәрепинен жаратылған усындай әжайып дөретпелер тийкарында бири-бири менен дос ҳәм татыўлықта өмир сүреди. 

Халқымыздың сүйикли шайыры, Өзбекстан қаҳарманы Ибрайым Юсупов әдебияттың поэзия тараўында дөреткен халықшыл дөретпелери менен тек ғана қарақалпақ халқының емес, ал, пүткил түркий тиллес халықлардың кеўлинен жыллы орын ийелеген уллы талант ийеси еди. Бүгинги күни оның жазған қосықлары өзбек, қазақ, орыс, қырғыз, түркмен ҳәм басқа да тиллерге аўдарылып, поэзия ықласбентлериниң меҳирине миясар болды.

Қарақалпақ халқының уллы шайыры И.Юсупов ҳаққында аты дүньяға белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов 1991-жылы «Правда востока» газетасына берген мақаласында,- «Мен Ибрайым Юсуповтын қосықларының аўдармасын ғана окыйман. Сол аўдарманы оқығанның өзинде бул инсан бизлерди таң қалдырыўға ҳәм соның менен бирге өзинин қосық қатарларын мақтаныш пенен тән алыўга мәжбүрлейди. Қосықты жазылган тилинде окый алмағаныма өкинемен. Егер Ибрайым Юсупов өзиниң уқыбын прозада пайдаланғанында, бир қудай биледи, бул инсанның колынан қандай шығармалар дөретилип дүньяға келетуғынын… Егер, қашанлардур ол усы шешимге келе қойса, ол Эрнест Хемингуэй ҳәм Рабиндранат Тагор уқсаган уллы генийлер менен бир сапта туратуғын атақлы тулғалардың бири болар еди,»- деп жазған болса, бурынғы аўқамға белгили балқар шайыры Қайсын Кулиев, Расул Ғамзатов, Шыңғыс Айтматов басқа да белгили жазыўшы-шайырлар қатнасындағы ушырасыўында «Ибрайым Юсупов, Наўайы ҳәм Мақтымқулы менен бир қатарда түркий халықлар поэзиясының жулдызы» деп оны жоқары баҳалаған еди.

И.Юсуповтың естелиги Ташкент қаласындағы Жазыўшылар бағы, Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп-интернаты ҳәм Шымбай қаласындағы Академиялық лицей имараты алдына қойылған.

И.Юсуповтың дөретпелери тийкарында әдебиятшы алымларымыз тәрепинен илимий-изертлеў жумыслары алып барылып, усы тийкарда илимий-әнжуманлар шөлкемлестирилмекте.

Халқымыздың сүйикли шайырының дөретиўшилигине бағышланған «Кеўилдеги кең дүнья» атлы байрам илажы ҳәм «Филологияның әҳмийетли мәселелери»  темасындағы  илимий-әмелий халықаралық әнжуман кеше Ферғана мәмлекетлик университетинде басланды.

Оған мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан тысқары Россия, қоңсылас Қазақстан, Түркменстан, Қырғыз ҳәм Түркия Республикаларынан илимпаз ҳәм шайырлар қатнаспақта.

Әсиресе, университет фойесинде шайыр И.Юсупов дөретиўшилигине бағышланған көргизбелер, қарақалпақ халқының миллий мәденияты ҳәм турмысы сәўлеленген көринислер, қараүй илаж қатнасыўшыларына өзгеше руўх бағышлады.

Илажда Ферғана мәмлекетлик университети бинасында заманымыздың уллы шайыры ҳәм жәмийетлик ғайраткери  И.Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Ибрайим Юсупов бөлмеси»ниң ашылыў мәресими болып өтти.

Халықаралық әнжуманның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили жазыўшы ҳәм аўдармашы Нурали Қабыл, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Оразбай Абдурахмановлар шығып сөйлеп, жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген илажда қатнасып атырғанлығынан оғада қуўанышлы екенлигин билдирди.

Әнжуманда сөзге шыққан жазыўшы О.Абдурахманов Ферғана мәмлекетлик университети тәрепинен Ибрайым Юсупов естелигине көрсетилип атырған ҳүрметти Қарақалпақ елине көрсетилип атырған ҳүрмет деп билетуғынлығын ҳәм бул бағдарда Ферғана мәмлекетлик университети Баҳадыр Шермуҳаммадовтан өрнек алып атырмыз,- деп айрықша атап өтти.

Илажда Әжинияз атындағы НМПИ ректораты тәрепинен ректор Б. Шермуҳаммадовқа дослық ҳәм ҳүрмет белгиси сыпатында қарақалпақ миллий кийими саўға етилди.

Сондай-ақ, илажда Ибрайым Юсупов шығармалары тийкарында жаратылған сахна дөретпеси қойып берилип, өзбек ҳәм қарақалпақ тилинде қосықлар жаңлады. Студент жаслар аяқ-ойынға түсти.

Әнжуманда шөлкемлестириўшилер тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың руўхый ҳәм әдебий мийрасын мәңгилестириў, оның дөретиўшилигин студент-жасларға тереңнен үйретиў мақсетинде жәрияланған «Эл фарзанди» атамасындағы қосықлар таңлаўында Ферғана мәмлекетлик университети магистранты Наргиза Баннопова 1-орынды ийелеп,  1500000 сум менен сыйлықланған болса, Әжинияз атындағы НМПИ студенти Минара Шерипбаева ҳәм Ферғана мәмлекетлик университети студенти Бахтияр Халимовлар 2-3-орынларды ийелеп дәрежели диплом, 1 млн ҳәм 500 мың сум муғдарында ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Ал, сүўрет салыў таңлаўында болса, Ферғана мәмлекетлик университети студентлери  Дилёра Абдураупова, Заринабону Қурбанова ҳәм  Муҳаммадражаб Ўктамовлар жеңимпаз деп табылып, оларға дәрежели диплом ҳәм 3млн, 2,5 млн , 2млн сум ақша тапсырылды.

-Илимий-әмелий әнжуманда жергиликли алымлардан тысқары, Россияның Қазан федераль университети профессорлары А.С.Афанасев ҳәм Г.Иджабаевалар баянат жасады,-дейди бизге Ферғана мәмлекетлик университети филология факультети деканы Эҳтиёт Ибрагимова.-Бизиң университетимизде де И.Юсупов шығармаларын сүйип оқыйды. Буны жоқарыда өткерилген таңлаўлар жуўмағынан билсек болады. Бул таңлаўда студент жасларымыз 100 ден аслам өз дөретпелери менен қатнасты ҳәм илимий мақалалар тийкарында баспадан халықаралық илимий топлам басып шығарылды. Әлбетте, бизлер бул әнжуман менен тоқтап қалмаймыз ҳәм алдағы ўақытлары да қарақалпақстанлы досларымыз бенен еле де тығыз бирге ислесе беремиз.

-Бизлер бул әнжуманнан үлкен тәсир алдық,дейди бизге Бердақ атындағы ҚМУ докторанты Муҳаммеддин Баўетдиннов.-Әсиресе, маған ферғаналы студентлердиң И.Юсупов қосықларын ядтан айтқаны ҳәм шайыр дөретпелеринен тәсирленип жаңа қосық ҳәм сүўретлер дөреткени унады. Әдебият, көркем өнер, мәденият ҳәм спортта шегара жоқ дегени усы болса керек.










Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы