Президент Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни фтизиатрия ҳәм пульмонология тараўын раўажландырыў, АИЖС кеселлигиниң алдын алыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 13-февральдағы қарары менен фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша илажлар қабыл етилген еди. Бул сезилерли нәтийже берип, кеселленгенлердиң улыўма саны 2 мыңға азайды. Жаңа кеселлениў жағдайы 10 процентке, өлимшилик жағдайы 17 процентке қысқарды.

Бирақ кейинги жыллары коронавирус эпидемиясы себепли елимизде өкпе кеселликлери бойынша диспансер қадағалаўындағы наўқаслар саны 18 процентке артқан.

Аймақларда туберкулёз бойынша 5 түрдеги жоқары технологиялық хирургиялық әмелиятқа талап болса да, бул хызметлер тек ғана Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында толық жолға қойылған.

Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы менен кеселлениў жағдайлары да, тилекке қарсы, көбеймекте. Бул, әсиресе, Ташкент қаласы, Әндижан ҳәм Самарқанд ўәлаятларында әҳмийетли болып қалмақта.

Соның ушын мәжилисте бул еки тараўдағы гезектеги илажлар қәнигелердиң қатнасыўында додаланды.

Президентимиз келеси жылдан баслап «Өкпе саламатлығы» мобиль бригадаларын шөлкемлестирип, шетки аймақларда балаларды скрининг тексериўлерден өткериў бойынша тапсырма берди.

Туберкулёз инфекциясының молекуляр-генетикалық диагностикасын, жасырын инфекциясы бар наўқасларды анықлаў ҳәм профилактикалық емлеў көлемин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ўәлаят ҳәкимлерине аймақлардағы Фтизиатрия саламатландырыў орынларын оңлаў ҳәм үскенелеў, бактериология лабораторияларын шөлкемлестириў тапсырылды.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине туберкулёз бенен кеселленген наўқасларды дәри қураллары менен бийпул тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Оған мәмлекетлик бюджеттен 40 миллиард сум ажыратылады.

АИВ инфекциясы бойынша да тексериўди кеңейтип, 3 миллион халықты қамтып алыў илажлары белгиленди. Бундай наўқаслар да 22 түрдеги вирусқа қарсы дәрилер менен бийпул тәмийинленеди.

Аймақлық АИЖС орайы ҳәм районлар аралық лабораторияларды оңлаў, оларды заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеўге жуўапкерлер бириктирилди.

Медицинаның басланғыш буўынының хызметкерлерин АИВ инфекциясы бойынша қәнигелигин арттырыў, халықтың арасында кеселлик ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумысларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Улыўма, булардың барлығын инабатқа алып, фтизиатрия, пульмонология ҳәм АИЖС бағдарларында бағдарламалық қарарлар жойбарларын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА