Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов басшылығындағы делегацияның Россияға еки күнлик сапары бойынша 15 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды. Бул ҳаққында Түркменстан тәрепи мәлим етти.

Мәлим болыўынша, Түркменстан ҳәм Россия сыртқы сиясат уйымлары арасында 2023-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылған.

Сондай-ақ, Экономикалық бирге ислесиў бойынша Түркменстан – Россия ҳүкиметлер аралық комиссиясының 12-мәжилиси өткерилди, еки мәмлекеттиң тийисли министрлик, уйымлары арасында бир қатар ушырасыўлар болып өтти.

ӨзА