Қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда көп миллетли пүткил халқымызды мәмлекетимиз турмысындағы уллы тарийхый сәне – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллық байрамы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, барлығыңызға өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Халқымыздың ерк-ықрары менен таңлап алынған ҳуқықый-демократиялық мәмлекет, еркин пуқаралық жәмийет қурыў жолында беккем ҳуқықый тийкар болып киятырған Тийкарғы нызамымыздың миллий раўажланыўымыздағы орны ҳәм әҳмийети теңсиз.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында, оғада аўыр ҳәм қурамалы бир шараятта қабыл етилген Конституциямыз берген ҳуқық ҳәм имканиятлар себепли ел-халқымыздың пидайы мийнети менен өткен дәўирде турмысымыздың барлық тараўлары ҳәм тармақларында үлкен жетискенлер ҳәм нәтийжелерге еристик.

Әне, усындай, беккем ҳуқықый тийкарға сүйенип, кейинги жыллары мәмлекетимизде кең көлемли демократиялық реформалар жедел әмелге асырылмақта.

Ең әҳмийетлиси, жәмийетлик-сиясий турмысымыздың мазмуны, ўатанласларымыздың сана-сезими, пикирлеўи түп-тийкарынан өзгермекте. Елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқара, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, жәмийетимиздиң тең ҳуқықлы ағзасы, өз тәғдириниң ҳақыйқый ийеси, мәмлекетимиздеги барлық өзгерислер ҳәм жаңаланыўларға тек өзи ғана байланыслы болмай, ал бул процесслердиң тиккелей қатнасыўшысы, еркин ҳәм дөретиўши инсан сыпатында сезинбекте.

Халқымыздың сиясий-ҳуқықый санасының жоқары үлгиси инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң нызамлы кепили болған, биз ушын азат ҳәм абат турмыс қурыў жолын ашып берген Конституциямыз бенен соның ушын ҳәр қанша мақтансақ арзыйды, әлбетте.

Ҳүрметли дослар!

Дүнья көлеминде «Жаңа Өзбекстан» деген сөз пайда болып, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абырайы күн сайын артып бармақта.

Ҳәммеңиз хабардарсыз, усы күнлери мәмлекетимизде Тийкарғы нызамымызға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша додалаўлар даўам етпекте. Бул конституциялық реформаларды Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мазмуны ҳәм логикасы, халқымыз билдирип атырған талап, пикир-усыныслар, улыўма айтқанда, жеделлик пенен өзгерип атырған дәўирдиң өзи талап етпекте.

Сол себепли ҳәзирги ўақытта «Инсанжәмийетмәмлекет» деген принципти Конституциямыз ҳәм нызамларымызға, күнделикли турмысымызға терең сиңдириўимиз зәрүр.

Соны айрықша атап өтиў зәрүр, инсан, оның өмири, ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаў бул бағдардағы реформаларымыз орайына алып шығылмақта.

Соның ишинде, социаллық мәмлекет принципи, шаңарақ институтының конституциялық тийкарларын беккемлеў, кексе әўлад ўәкиллерин, майыпларды исенимли қорғаў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халыққа жоқары дәрежели медициналық хызмет көрсетиў, билимлендириў ҳәм илим, мәдениятты раўажландырыў, пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеў, экологиялық турақлылықты сақлаў, пуқаралық жәмийети институтлары менен мәҳәллениң ҳуқық ҳәм ўәкилликлерин кеңейтиў, ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў сыяқлы көплеген принципиал әҳмийетке ийе мәселелер Тийкарғы нызамымызда мөрлеп қойылмақта.

Бул процессте сиз, әзиз ўатанласларымыз – ҳәр қыйлы кәсип ҳәм социаллық топарға тийисли пуқараларымыз тәрепинен билдирилген барлық пикир-усыныслар әлбетте, инабатқа алынады ҳәм Конституция жойбары улыўма халықлық референдумға алып шығылады.

Мине, усы тийкарда Бас нызамымыз ҳақыйқый халық Нызамы, ҳақыйқый халық Конституциясы болады.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Пандемия шараятына қарамастан, мәмлекетимизде мийнет жәмәәтлеринде, мәҳәлле ҳәм билимлендириў дәргайларында, шаңарақларда Конституция байрамы, қәўипсизлик илажларына әмел еткен ҳалда, көтериңки руўхта белгиленбекте.

Биз жақынласып киятырған жаңа – 2023-жыл ушын үлкен бағдарлама ҳәм режелерди дүзбектемиз. Конституциямызда белгилеп атырған ийгиликли мақсетлерди жүзеге шығарыў, елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлер аралық дослық ҳәм тилеклесликти және де беккемлеў, халықтың абаданлығын арттырыў, жаңа турақ жайлар қурыў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша үлкен-үлкен ўазыйпалар бул бағдарламаларда өзиниң анық көринисин таппақта.

Барлығымыз бир тән бир жан болып, пидайы мийнет етип, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге, әлбетте, ерисетуғынымызға исенемен.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди пүткил халқымызды Конституциямыздың уллы байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, үйлериңизге қут-берекет тилеймен.

Халқымыз тыныш, елимиз аман болсын!

Ҳәммемизди Жаратқанның өзи сақласын!


Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти