Қазақстан Республикасы қорғаныў министриниң орынбасары генерал-лейтенант Султан Камалетдинов басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатларда қатнасыў ушын мәмлекетимизге жетип келди.
Жоқары мәртебели мийманларды Ташкент әскерий округи әскерлери сәркардасы полковник Зокиржан Сайфуддинов ҳәм Қорғаныў министрлиги Тәрбиялық ҳәм идеялогиялық ислер бас басқармасының баслығы полковник Ҳасан Халилов күтип алды.
7-декабрь күни Қазақстан делегациясы Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери академиясының жумысы менен танысты. Мийманларды академияда қорғаныў министриниң Тәрбиялық ҳәм идеялогиялық ислер бойынша орынбасары полковник Ҳамдам Қаршиев күтип алды.
Күн даўамында Қураллы Күшлер академиясында тәреплердиң рәсмий ушырасыўы ҳәм еки мәмлекет дөретиўшилик топарларының концерт бағдарламасы болып өтти. Сондай-ақ, «Жеңис парки» естелик комплекси ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери музейи бойлап экскурсия ҳәм гүл қойыў мәресимлери шөлкемлестирилди.
Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаментинен мәлим етилиўинше, 8-декабрь күни Қазақстан Республикасы Қорғаныў министрлиги администрациясы ҳәм дөретиўшилик топарлары Шыршық жоқары танк сәркардалық-инженерлик билим дәргайында болып мәкемениң оқыў-материаллық базасы менен танысады. Сол күни «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайы майданында еки мәмлекет әскерий ансамблиниң биргеликтеги концерт бағдарламасы болып өтеди.
ӨзА