Нөкис қаласында ҳәзирги ўақытта 166 мыңнан аслам ҳаял-қыз жасамақта. Соннан 70 мыңнан аслам 30 жастан асқан ҳаял-қызлар бар.
Барлық пуқаралар жыйынларында үйме-үй кирилип, хатлаў өткерилип, тийкарынан жасаў шараяты төмен болған, жумыссыз, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген. Енди олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында қандай илажлар әмелге асырылмақта?
– Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша Республика комиссиясының протоколы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттағы 145-санлы қарарына тийкарланып «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң 3-басқышы қәлиплестирилди,-дейди Нөкис қаласы ҳәкими орынбасары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Диляфруз Қутлымуратова.
Онда 6019 ҳаял-қыз төмендеги 6 критерияға бөлинди. Атап айтқанда, социаллық жәрдемге мүтәж жумыссыз 1857, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши жәрдемге мүтәж 616, бағыўшысын жоғалтқан жәрдемге мүтәж 1439, социаллық ҳәм тез медициналық жәрдемге жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы бар 1443, турақ жайға мүтәж 76, қараўында майыплығы болған перзенти бар жәрдемге мүтәж 588 ҳаял-қызлар қурайды.
Усы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылып, 6019 ҳаял-қыздың 99,7 процентине тийисли жәрдемлер көрсетилди.
Соның ишинде, биринши критериядағы 61 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен, 336 ҳаял-қыз мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетшилик жумысларға тартылып, 414 ҳаял-қыз қайта кәсипке оқытылды. 2 ҳаял-қызға жумыссызлық напақасы төлеп берилди.
Жумыссызлық критериясындағы 80 ҳаял-қызға «Ҳаял-қызлар дәптери» фондынан субсидия тийкарында тигиў машинасы алып берилди.
Екинши критериядағы 607 ҳаял-қызға 6 миллиард 664 миллион 860 мың сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
Бир мәртелик жәрдемге мүтәж болған 3-, 4-, 6-критериялардағы жәми 3459 ҳаял-қызға «Ҳаял-қызлар дәптери» фондынан 3 миллиард 761 миллион 760 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдемлер көрсетилди.
Буннан басқа 1 ҳаял-қыз ўақтынша жасап турыўы ушын социаллық үйге орналастырылды.
Буннан тысқары «Ҳаял-қызлар дәптери» дизиминде турыўшы социаллық жәрдемге мүтәж болған 500 ҳаял-қыз сентябрь, октябрь айларында Хийўа, Самарқанд, Бухара қалаларына саяхатқа жиберилди, сондай-ақ, 2 ҳаял-қыз бийпул санаторийларға жиберилди.
«Ҳаял-қызлар дәптери» дизимине киргизилген психологиялық ҳуқуқый ҳәм медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға ҳуқуқ қорғаў уйымлары ўәкиллери, тәжирийбели психологлар ҳәм медицина тараўы хызметкерлери менен биргеликте тығыз байланыста жумыс алып барылғанлығы нәтийжесинде анықланған машқалалар ўақтында өз шешимин таппақта.
Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги