Исбилермен мәмлекетлик хызметке қабыл етилгеннен кейин исбилерменлик жумысын тоқтатып турыў тәртибин белгилеп беретуғын Министрлер Кабинети қарарының жойбары Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылды ҳәм жәмийетлик қадағалаўға қойылды.

Жойбарда төмендегилер белгиленбекте:

мәмлекетлик пуқаралық хызметкер өзиниң бизнеси бар екени ҳаққында ўәкилликли уйымларды хабардар етеди ҳәм исбилерменлик жумысын тоқтатып турыўдың түрлеринен бирин таңлайды;

мәмлекетлик пуқаралық хызметкерге өзиниң жумысында мәплердиң соқлығысыўына жол қоймаў бойынша миннетлеме жүкленеди;

исбилерменлик жумысын тоқтатып турыў жағдайы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен мониторинг етип барылады;

өзиниң бизнеси бар екенин жасырыў жағдайы анықланғанда, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерге 10 күн мүддет бериледи ҳәм хызметкер бул мүддет ишинде исбилерменлик жумысын тоқтатады ямаса мәмлекетлик хызметтеги жумысын тоқтатады.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкер исбилерменлик жумысын тоқтатып турыўдың төмендеги түрлеринен бирин таңлайды:

егер мәмлекетлик пуқралық хызметкер жеке кәрхана мүлк ийеси болса, кәрханадағы басшылық ўазыйпасын атқарып турыўды басқа физикалық тәрепке жүклеў, яғный кәрхананы ўақытша басқарып бериў бойынша қарар шығарыў;

мүлкти исенимли басқарыўға тапсырыў;

Пуқаралық нызамшылығына тийкарланып исенимли басқарыў объектлери кәрханалар ҳәм басқа да мүлк комплекслери, көшпес мүлкке тийисли болған айрықша объектлер, баҳалы қағазлар, айрықша ҳуқықлар ҳәм басқа да мүлктен ибарат болыўы мүмкин.

исбилерменлик жумысы субъектиниң шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшылары) қурамынан ықтыярлы түрде шығыў;

Мәмлекетлик хызметке киргенде өзиниң бизнесин исенимли басқарыўға бериў әмелияты көпшилик сырт еллерде (Қазақстан, Грузия, Россия Федерациясы, Канада, Қубла Корея) жолға қойылған.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкер өзи ислейтуғын мәмлекетлик уйымның қадағалаўы астындағы үлеслерине ийелик етип атырған болса, мүлкти исенимли (ўақытша) басқарыўға берилиўине жол қойылмайды. Бундай жағдайларда хызметкер оларды реализациялаўы ямаса мәмлекетлик хызметтен кетиўи керек болады.

Усы ссылка арқалы қарардың жойбарын додалаўға белсене қатнасың: https://regulation.gov.uz/oz/d/72841


Қарақалпақстан хабар агентлиги