8-декабрь – Өзбекстан Республикасы конституциясы қабыл етилген күн
Өзбекстан Республикасы Жоқары судында Конституция қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығына бағышланған байрам илажы өткерилди. Илаж видеоконференцбайланыс форматында өткерилип, оған Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Ҳәкимшилик судларының хызметкерлери де қатнасты.
Илажда Конституция мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы, инсанлардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң тәмийинлениўи, нызамшылықтың беккемлениўи ҳәм суд ҳәкимиятының ҳақыйқый бийғәрезлилигиниң тәмийинлениўинде әҳмийетли орын тутатуғынлығы айрықша атап өтилди.
2022-жыл 8-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси шөлкемлестирилген еди. Тийкарғы Нызамымыздың юбилейинде усы белгиге 400 судья ҳәм суд хызметкерлери мияссар деп табылды.
«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Ҳәкимшилик судының бир қатар судьялары ҳәм суд хызметкерлери де сыйлықланды.
Байрам илажында көкирек белгилери өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги