Нызам (ӨРН-808, 06.12.2022-ж.) менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Оған бола, енди мәмлекетлик бажы төмендеги муғдарларда өндириледи:

көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериў менен байланыслы шәртнамаларды тастыйықлағаны ушын:

егер көшпес мүлк Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаят орайларында жайласқан болса, БЕМниң 1 есеси (бурын көшпес мүлктиң улыўмалық майданына қарап БЕМниң 1 есесинен 3 есесине шекем);

егер көшпес мүлк басқа елатлы пунктлерде жайласқан болса, БЕМниң 50 проценти (бурын көшпес мүлктиң улыўмалық майданына қарап БЕМниң 50 проценттен 1,5 есесине шекем).

мүлкти ижараға бериў шәртнамасын тастыйықлағаны ямаса оған өзгерислер киргизилгенлик ушын:

мүлк ийесиниң өмирлик жолдасына, оның ҳәм өмирлик жолдасының ата-анасы, балалары ҳәм олардың өмирлик жолдасына, ақлықларына, апа-аталарына, аға-инилери ҳәм апа-сиңлилерине – БЕМниң 10 проценти (бурын БЕМниң 25 проценти);

физикалық тәреплер ушын – БЕМниң 25 проценти (алдын БЕМниң 50 проценти);

юридикалық тәреплер ушын ямаса егер тәреплерден бири юридикалық тәреп болса – БЕМниң 50 проценти (бурын БЕМниң 1 есеси).

мүлктен бийпул пайдаланыў шәртанамаларын тастыйықлағаны ушын – БЕМның 25 проценти (бурын БЕМниң 50 проценти).

гиреў, ипотека ҳәм лизинг шәртнамаларын тастыйықлағаны ушын:

физикалық тәреплер ушын-БЕМниң 1 есеси (бурын шәртнама суммасына қарап БЕМниң 1 есесинен 2 есесине шекем);

юридикалық тәреплер ушын ямаса егер тәреплерден бири юридикалық тәреп болса – БЕМниң 2 есеси (бурын шәртнама суммасына қарап БЕМниң 2 есесинен 4 есесине шекем).

қарыз шәртнамаларын тастыйықлағаны ушын-БЕМниң 25 проценти (бурын шәртнама суммасына қарап БЕМниң 25 процентинен 1 есесине шекем).

автомототранспортты басқа шахсқа өткериў шәртнамаларын тастыйықлағаны ушын мәмлекетлик бажы төмендеги муғдарларда өндириледи:

автомототранспорт қураллары ушын – БЕМниң 3 есеси (бурын транспорт қуралы двигателиниң қуўатлылығы, яғный ат күшине ҳәм ислеп шығарылған сәнесине қарап БЕМниң 2 есесинен 10 есесине шекем);

бир мототранспорт, моторарбаша, мотоқайық ушын – БЕМниң 25 проценти (бурын ислеп шығарылған сәнесине қарап БЕМниң 10 процентинен 50 процентине шекем).

автотранспорт қуралларын басқарыўға ҳәм қарамағына өткериўге байланыслы шәртнамаларды, сондай-ақ, автомототранспорт қуралларынан бийпул пайдаланыў шәртнамаларын тастыйықлағаны ушын:

мүлк ийелериниң өмирлик жолдасына, оның өмирлик жолдасының ата-анасы, балалары ҳәм олардың өмирлик жолдасына, ақлықларына, ата-апаларына, аға-инилери ҳәм апа-сиңлилерине, жийенлерине-БЕМниң 50 проценти;

басқа шахсларға – БЕМның 2 есеси (бурын БЕМниң 3 есеси).

Қарыз шәртнамасынан келип шығатуғын пул суммаларын өндириў ҳаққындағы орынлаў қағазларын бергени ушын мәмлекетлик бажы белгиленген ставканың 50 проценти муғдарында өндириледи. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги