Мәмлекетлик статистика басқармасының мағлыўматларына бола, 2022-жылдың январь-октябрь айларында 233 559 неке анықланған.
Өзбекстан пуқараларынан 762 ер адам ҳәм 1138 ҳаял сырт мәмлекетлердиң пуқаралары менен некеленген.
Сырт еллердиң мәмлекетлердиң пуқаралары менен некеден өткенлердиң саны аймақлар кесиминде:
— Қарақалпақстан Республикасында – 41;
— Әндижан ўәлаятында – 146;
— Бухара ўәлаятында – 56;
— Жиззах ўәлаятында – 36;
— Қашқадәрья ўәлаятында – 47;
— Наўайы ўәлаятында – 37;
— Наманган ўәлаятында – 63;
— Самарқанд ўәлаятында – 231;
— Сурхандәрья ўәлаятында – 99;
— Сырдәрья ўәлаятында – 72;
— Ташкент ўәлаятында – 266;
— Ферғана ўәлаятында – 139;
— Хорезм ўәлаятында – 30;
— Ташкент қаласында – 637.
Ақсынгул Орақбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги