Пүткил дүнья бойлап газеталар жақын арада жоқ болып кетиўи мүмкин деген түсиник пайда болған. Себеби, интернеттен адамлар ғалабалық түрде пайдаланса газеталардың тиражы азайыўына ҳәм реклама дәраматларының төмендегише алып келеди. Бирақ Ҳиндстанда емес.
Батыста жаслар тийкарынан үйге жеткерип берилетуғын азанғы газетадан ўаз кешип, өзлери қәлеген ўақытта планшетлер, ноутбуклар ямаса мобил телефонлар жәрдеминде жаңалықлардан хабардар болады. Реклама дәраматлары Facebook ҳәм Google интернет гигантлары тәрепинен топланғаны себепли, газетаның пайдасы азайды. Соңғы жылларда санаат көплеген банкротларға дус келди, ҳәзирги ўақытта да өз жумысын алып барып атырғанлар да жумыссыз қалмақта. Қурам Штатларда 2001-жылдан берли күнделикли басылым ўақытлы журналистлериниң саны 20 процентке азайды.
Ҳәттеки бир неше белгили газеталар жабылған ямаса онлайн баспаға өткен.
Ҳиндстанда технология қаншелли раўажланбасын, бәрибир бул мәмлекет халқы газета оқыўды даўам етеди. Себеби бул олар ушын күнделикли ҳәрекет ямаса жумыс. Ҳиндстан ҳәзирги ўақытта дүньяда ең көп дәраматлы газеталар санына ийе ҳәм олардың саны өсиўди даўам етпекте. 2013-жылда 5767 ден 7871 ге шекем көтерилди. Усы жыллар ишинде баспадан шыққан газеталар АҚШта шығатуғын газеталардан 50 есеге көп.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги