Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Байрам салтанатында филиал директоры Б.Мамбетов соңғы жылларда елимизде ана тилимизди таза сақлаўға, оны және де байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаратылып атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, тил – халықтың тарийхын, мәдений мийрасларын, турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийне болып, мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий ҳәм руўхый жақтан раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын қәдириятлардан бири есапланады.

Илаж даўамында филиал студент-жаслары қарақалпақ жазыўшы-шайырларының ана тилимиз ҳаққында жазған қосықларынан оқып берди.

Усы сәне мүнәсибети менен филиалдың студент-жаслары арасында өткерилген мақалалар таңлаўында жеңимпаз болған студентлерге диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Кеше Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқыўшылары ҳәм филиал студент-жасларының концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги