Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятында аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша усыныслар менен танысты.

Ташкент ўәлаятының топырағы өнимдарлы, суўы мол. Буннан нәтийжели пайдаланылса, зүрәәтли бағ ҳәм жүзимзарлықларды жаратыў, интенсив овощ жетистириўди жолға қойыў, адамлардың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы 10-сентябрьдеги «Дийқан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында бул бағдарда бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Атап атйқанда, Ташкент ўәлаятында 2023-жылы 9 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданы қысқартылып, 25 сотыхтан халыққа бериледи. Бул 60 мыңнан аслам адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен, қәнигелердиң қатнасыўында Ташкент ўәлаятында пайдаланылмай атырған имканиятлар үйренилди ҳәм қосымша илажлар ислеп шығылды.

Мәжилисте мине, усы усыныслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оған бола, ўәлаятта 62 мың гектар жерди пайдаланыўға киргизиў есап-санақ етилген. Оларда жайлаў өсимликлери туқымгершилигин жолға қойыў, суў аз талап етилетуғын майлы, собықлы ҳәм азық-аўқатлық егинлерди жетистириў, шарўашылық пенен шуғылланыў мөлшерленген.

Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятының ҳәр бир районы мийўе-овощ, картошка жетистириў, жүзимгершилик сыяқлы белгили бир тармаққа қәнигелестириледи. Мәселен, Оҳангарон, Ташкент, Зәңгиата, Паркент, Янгийўл, Қибрай районларында дерлик 5 мың гектарда интенсив усылда овощ жетистириў, Бостанлық, Янгийўл, Оҳангарон, Паркент, Бўка, Бекабад, Чиназ, Аққорған районларында 1 мың 300 гектар жерди бағ етиў, Паркент, Қибрай ҳәм Пискент районларында 2 мың гектардан аслам жүзимзарлықларды жаратыў мүмкин екенлиги айтылды. Орта Шыршық, Ташкент ҳәм Бостанлық районларында «in-vitro» лабораторияларын шөлкемлестирип, туқымлық картошка жетистириў мөлшерленген. Улыўма, усы илажлар нәтийжесинде 24 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Президентимиз бул илажларды мақуллап, оларды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА