1-декабрь-Жер жүзилик АИЖС ке қарсы гүресиў күни
ХХ әсирдиң ақырында дүнья жүзи мәмлекетлеринде АИВ инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдайдың кескинлесиўине байланыслы Өзбекстан Республикасы ҳүкимети 1991-жылы 14-июньде «АИЖС кеселлигиниң алдын алыў хаққында»ғы Нызамды қабыл еткен еди. Бул нызам инсан өмири ушын оғада қәўипли жуқпалы кеселлик есапланған АИВ инфекциясының Өзбекстан Республикасында тарқалыўының алдын алыў ҳәм қарсы гүрес жүргизиў жумысларын әмелге асырыўды баслаўга тийкар салған хүжжет болды. Өзбекстан Республикасында қабыл етилген «АИЖС кеселлигиниң алдын алыў хаққында»ғы нызам Орта Азия республикалары арасында тунғыш есапланған хүкиметлик нызамшылық хүжжети болды.
1999-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси усы нызамға бир қанша өзгерислер ҳәм косымшалар киргизип, сол жылы 19-августта «Адамда арттырылган иммунитет жетиспеўшилигин пайда етиўши вирусларды (АИВ инфекциясы) шакырыўшы кеселликтиң алдын алыў ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы нызамды тастыйықлады. Он төрт жыл даўамында АИВ инфекциясы таркалыўына қарсы қаратылған жумыслар усы нызам тийкарында алып барылды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 25- августтағы 365-санлы «Некеден өтиўшилерди медициналық тексериўден өткериў хаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2008-жыл 26-декабрдеги ПҚ-1023 санлы «Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы жумыслардың нәтийжелилигин және де күшейтиў ҳаққында»ғы Пәрманы мәмлекетимизде қәўипли инфекцияның тарқалыўына қарсы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда айрықша орын тутты.
2013-жылы 23-сентябрьде Өзбекстан Республикасының «Адамның иммунтет жетиспеўшилиги вирусын пайда етиўши кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы жаңа нызам қабыл етилди. Нызам 5 бап, 28 статьядан ибарат болып, нызамның тийкарғы мақсети Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы қаратылған жумысларды тәртипке салыў ҳәм нәтийжелилигин еледе жақсылаўдан ибарат.
Нызамда АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүрес жүргизиў бойынша мәмлекетлик сиясаттың бир қанша бағдарлары бойынша жумысларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилген.
АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүрес жүргизиўши мәмлекетлик мәкемелердиң кепилликлери ҳәм ўазыйпалары, жергиликли мәмлекетлик ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасықлары нызам менен белгиленген болып, жаңа нызамда АИВ инфекциясын жуқтырып алғанларға медициналық жәрдем көрсетиў тәртиплери, хуқықлары менен миннетлери, социаллық қорғаў ҳәм қәўипли кеселликти басқа адамларға жуқтырмаў жуўапкершиликлери атап өтилген.
Нызамда өз хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында АИВ инфекциясы жуғыў кәўпи астында болған медицина хызметкерлерин социаллық жақтан қорғаў, АИВ инфекциясы жуққанларға медициналық ҳәм басқа да хызметлер көрсетиў ўакытларында жеткерилген зыянларды қаплаў, адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын пайда еткен кеселликтиң (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүрес жүргизиў бойынша нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў де нәзерде тутылған.
Республикамызда жаңадан қабыл етилген «Адамнын иммунитет жетиспеўшилиги вирусын пайда етиўши кеселлик (АИВ инфекциясы)тиң тарқалыўына қарсы гүрес жүргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының 2013-жыл 23-сентябрдеги 353-санлы Нызамы тийкарында исленетуғын барлық жумысларды тәртиплестириў менен бирге Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының алдын алыў ҳәм эпидемиологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған.
АИВ инфекциясының алдын алыў мақсетинде нызам менен республика аймағына кириў шәртлери белгилеп қойылған.
Республикаға кириўши ҳәр бир шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралыққа ийе болмаған басқа адамлар АИВ инфекциясына тексериўден өтип, сертификат алған жағдайда ғана мәмлекетимизге кириўге рухсат етиледи.
АИЖС орайлары ҳәм олардын серологиялық лабораторияларында жумыс ислеўши медицина хызметкерлерине нызамда белгиленген тәртипте бир қатар жеңилликлер бериледи.
Өз ўазыйпасын аткарыў ўақтында АИВ/АИЖСты өзине жуқтырып алған медицина хызметкерлерин социаллық жақтан қорғаў, оларға «кәсиплик кеселлик» сыпатында майыплық топары рәсмийлестириледи.
АИВ/АИЖС табылған адамлар ҳаққындағы барлық мағлыўматлар шыпакерлик сыр сақланады, шыпакерлик сырды жәриялаў нызам менен қадаған етилген болып, сырды ашқан ҳәр бир медицина хызметкери ийелеп турған лаўазымының қандай болыўына қарамастан жуўапкершиликке тартылады.
Сондай-ақ, өзиниң кәсиплик хызметине немқурайды қараған, саламат адамға (адамларға) АИВ инфекциясы вирусларын емлеўхана ишинде өтиўине (жуғыўына) жол койған, себепши болған медицина ҳәм басқа да оларға теңлестирилген хызметкерлерге жынайый жуўапкершилик қолланылатуғынлығы атап өтилген.
АИВ/АИЖСқа дуўшар болған адамларды емлеў, дәри–дәрмақлар, лабораториялық тест-системалар, диагностикалық препаратлар, медициналық әсбап үскенелер ҳәм басқа да затлар менен тәмийинлеў мәмлекетлик медициналық қәнигелестирилген емлеў- профилактикалық мәкемелеринде өткериледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында адамнын иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик тарқалыўына қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 25-январдагы 3493-санлы , «Адамнын иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик таркалыўына карсы гүресиў ҳәм емлеўхана ишиндеги инфекцияларды профилактика ислеў бойынша илажлар ҳаққында»ғы 2018-жыл 22-июньдеги 3800-санлы қарарлары, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2021-жыл 19-август күнги «Адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы инфекциясы бойынша миллий шараятқа бейимлестирилген клиник баянламаларды әмелиятка енгизиў ҳаққында»ғы 206-санлы буйрығы, 2021-жыл 6-сентябрь күнги «АИВ инфекциясынын алдын алыў илажлары ҳәм медициналык жәрдемди және де жетилистириў ҳаққында»ғы 219-санлы буйрықлары тийкарында жумыслар алып барылмақта.
Р.Хожабеков,
Қарақалпақстан Республикасы АИЖС ке қарсы
гүресиў орайы эпидемиолог шыпакери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги